3-декабрь – Халықаралық имканияты шекленгенлер күни мүнәсибети менен Бозатаў районлық медицина бирлеспеси қәнигелери район аймағындағы имканияты шекленген адамлар ҳалынан хабар алды.

Қусханатаў АПЖ аймағында жасаўшы 1954-жылы туўылған Абылов Көптилеў, 1924-жылы туўылған Сейилбаев Базарбай ҳәм Бозатаў ППЖ аймағында жасайтуғын Оразбаев Үсенбайлардың жағдайынан хабар алынып, оларға майыплық арбашалары ҳәм саўғалар тапсырылды.

Дерек: Қарақалпақстан Республикасы
Денсаўлықты сақлаў министрлиги