3-декабрь – Халық аралық майыпларды қорғаӯ күни мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириӯ министрлигине қараслы 4-санлы герең ҳәм шала еситиўши балалар ушын қәнийгелестирилген мәмлекетлик билимлендириў мәкемесинде сәне мүнәсибети менен байрам кешеси шөлкемлестирилди.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасының бөлим баслығы А.Қыпшақбаев ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириӯ министриниң биринши орынбасары А.Худайбергеновлар қатнасты ҳәмде сөзге шығып, елимизде имканияты шекленген инсанлар ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланып, олардың бахытлы турмыста жасаўы ушын барлық мүмкиншиликлер жаратылғанлығы ҳаққында кең түрде атап өтти ҳәмде балаларға байрам саӯғаларын тапсырды.

Илаж республика көркем өнер шеберлери ҳәм жас атқарыўшыларының концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.

Қалада бундай илажлар даўам етпекте.

Дерек: @nukuspress