Ҳәр жылы 3-декабрь сәнесинде майыплығы болған адамлар күниниң өткерилиўинен тийкарғы мақсет пүткил дүньяда әмелге асырылатуғын бағдарлама ҳәм жойбарларда нәгиранлар басқа адамлар менен тең ҳуқықлылық тийкарында қатнасыўын, нәгиранлардың мәплери, ҳуқықлары инабатқа алыныўын, барлық мәмлекетлерде нәгиранлардың қәдир-қымбатын қорғаўшы нызамлар ҳәм тәртип-принциплердиң енгизилиўин тәмийинлеп, ҳәмме ушын ашық ҳәм дослық тәризинде болған жәмийет қурыўдан ибарат есапланады.

Елимизде де майыплығы болған шахслардың мәплерин қорғаў, оларды жәмийетимиздиң толық ағзасы екенлигин көрсетиў мақсетинде түрли илаж ҳәм реформалар әмелге асырылмақта.

Усы мүнәсибет пенен 250 ҳаялға мөлшерленген Нөкис «Мүриўбет» ҳаяллар интернат үйинде, усы интернат директоры Ким Лидия Романовна басшылығында 1-3 декабрь күнлери даўамында байрам илажлары болып өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри М.И.Қурбанов интернат үйиниң тәрбияланыўшыларын байрам менен қутлықлады ҳәм саўғаларын тапсырды.

Дерек: Қарақалпақстан Республикасы
Денсаўлықты сақлаў министрлиги