Декабрь айының үшинши сәнеси- бизиң халқымыздың меҳрийбанлығы менен сақаӯатлылығын көрсетип берген күн болды.

Бул сәне Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде итибардан шетте қалған жоқ.

Имканияты шекленген студент жаслар бүгинги күнде мәмлекетимиз жаратып берген барлық имканияттан кең пайдаланып атыр. Буның бир көриниси бүгинги күнде бул жасларымыз да Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде билим алып, өзлериниң излениси менен умтылысларын көрсетип атыр. Сәне мүнәсибети менен оларға байрам саӯғалары берилди.

Дерек: KARSU.uz

Видео: Youtube