"Өзбекстан Республикасында нәгиранларды социаллық қорғаў ҳаққында"ғы Нызам, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 1992-жыл 14-октябрьдеги 47/3-санлы қарарына тийкар, ҳәр жылы "3-декабрь – Халықаралық майыплар күни" сыпатында республикамызда кең белгилениўи, ҳүкиметимиз тәрепинен алып барылып атырған күшли ҳәм мәнзилли қорғаў сиясатының анық дәлийли есапланады.

Мәмлекетимизде ғәрезсизликтиң дәслепки күнлеринен баслап халықты социаллық қорғаўды және де күшейтиу, әсиресе, социаллық қорғаўға мүтәж нәгиранларға, турмыста кең имканият ҳәм шараятлар жаратып бериў мәселесине айрықша әҳмийет берип келинеди.

Сәне мүнәсибети менен бүгин Қанлыкөл районында жасаўшы майыплығы болған пуқаралардың кеўил-кейпиятын көтериў ҳәм оларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде, район ҳәкимлиги тәрепинен илаж шөлкемлестирилди. Илажды район ҳәкиминиң орынбасары Қ.Абдикаримов басқарып барды. Усы шеңберде, пуқаралар ушын дастурхан жайылып, саўғалар тапсырылды. Соның менен бирге, районлық Мәденият бөлими көркем өнер ғайраткерлери тәрепинен миллий намалар атқарылды.

Қанлыкөл районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Дерек: KaNews.uz