Өзбекстан мусылманлары мәкемеси жанындағы «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик қоры ҳәм Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты тәрепинен биргеликте өткерилип атырған «Ғамқор болайық!» қайырқомлық акциясы 3-декабрь күни даўам етти.

Өзбекстан мусылманлары мәкемеси жанындағы «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик қорының баслығы Яҳё Абдураҳманов, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Шамсуддин Бахауддинов Нөкис Муҳаммед ибн Аҳмад ал-Беруний ислам билим журтында болып, медресе турмысы менен танысты. Бул жерде билим алып атырған талабалар менен сәўбетлести. Медресе китапханасының материаллық-техникалық базасын байытыў, мәлимлеме-ресурс орайын оқыў қураллары менен тәмийинлеў мақсетинде китаплар саўға етилди.

Усы күни «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик қоры ҳәм Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты ўәкиллери Хожели ҳәм Шымбай районларында жасаўшы халықтың турмысы менен жақыннан танысты. Атап айтқанда, Хожели районының тәбийғый газ басымы төмен аймақларда жасаўшы бир қатар шаңарақларға қәўендерлердиң көмеги менен 5 миллион сумға отын, 9 тонна тас көмир жеткерип берилди.

Еки даўам еткен қайырқомлық акциясына қатнасқан социаллық жәрдемге мүтәж, кем тәмийинленген, бағыўшысын жоғалтқан, жетим-жесир, майыплығы болған шахслары бар шаңарақ ағзалары көрсетилген жәрдеми ушын Өзбекстан мусылманлары мәкемеси жанындағы «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик қорына, Қарақалпақстан мусылманлары қазыятына шексиз миннетдаршылық билдирди. Бул олардың келешекке болған исенимин және де арттырып, кеўиллерине көтериңкилик бағышлады.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ХАБИБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери

Дерек; Қарақалпақстан хабар агентлиги