Меҳир-мириўбет, қайыр сақаўат сыяқлы ийгиликли әмеллер халқымыздың әзелий қәдриятларынан есапланады.

Жаңа – 2021-жылдың кирип келиўи алдынан барлық орынларда тийисли мәкемелер, шөлкемлер, қәўендерлер ҳәм қайыр-сақаўатлы инсанлар тәрепинен бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң депутаты, исбилермен Азат Шимбергенов та өзи сайланған аймақ, «Шымбай шайхана» мәкан пуқаралар жыйынындағы кем тәмийинленген, социаллық жәрдемге мүтәж 25 шаңараққа барып, жаңа жыл байрамы алдынан хабар алды.

Оларды байрам менен қызғын қутлықлап, азық-аўқат өнимлерин жеткерип берди. Жаңа жыл байрамы алдынан өткерилип атырған қайыр-сақаўатлық илажлар даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

Дерек: KKNEWS.uz