Нөкис қалалық ХББне қараслы 18-санлы улыўма билим бериў мектебинде 3-декабрь “Халық аралық майыплар күни” мүнәсибети менен “Биз сизлер менен бирге” атамaсында саз-сәўбетли әдебий кеше шөлкемлестирилди.

Кешеге Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңеси депутаты Е.Калмурзаев, ӨзМТДП Нөкис қалалық Кеңеси баслығы А.Нурумбетова, Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы баслығы А.Даўлетов, мектеп тәрепинен үй шараятында оқыўшы имканияты шекленген оқыўшылар, “Байтерек” МПЖ аймағы турғынлары қатнасты. Кешени мектеп директоры Г.Айтмуратова ашты ҳәм алып барды. Бәрше шығып сөйлеўшилер имканияты шекленгенлерди байрам менен қутлықлап, саў саламатлық тиледи.

Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы ҳәм Жергиликли Кеңес депутаты Е.Калмурзаев қәўендерлигинде 17 балаға байрам саўғасы тапсырылды.

Буннан соң мектеп оқыўшылары тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы қойып берилди. Белсенди оқыўшылар шөлкемлестириўшилер тәрепинен хошаметленди.

Дерек: Kar24.uz