Нөкис қаласы ҳәкимлиги, Мәхелле ҳәм шаӊарақты қоллап-қуўатлаў бөлими, медицина бирлеспеси, бир қатар жәмийетлик шөлкемлердиӊ басламасы менен халық аралық майыпларды қорғаӯ күни мүнәсибети менен Нөкис қаласындағы пайызлы орынлардыӊ биринде имканияты шекленген инсанлар ушын байрам дастурханы жайылды.

Шөлкемлестириўшилер тәрепинен байрам саўғалары ҳәм майыплар арбашалары тапсырылды. 

Дерек: @nukuspress