Баланың жаты болмайды. Шийрин тили менен өмиримизге гоззаллық нурын шашып жүрген ҳәр бир перзент, жүрегимизге жақын. Көшеде бийтаныс бала жығылса, жуўырып барып үсти-басын жөнлеп қойыў әдети де, миллетимиздиң пейилиниң кеңлигинен дерек.

"3-декабрь – Халықаралық майыплар күни" мүнәсибети менен бүгин Қанлыкөл районы Мектепке шекемги билимлендириў бөлими тәрепинен "Қосжап" аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы 2016-жылы туўылған, балалықтан майыплығы бар болған Асқаров Турдыбайдың жағдайынан хабар алынды ҳәмде оған рәң-бәрең ойыншықлар саўға етилди.

Биз өмиримиз даўамында жақсы ислер ислеўге, жақсы инсан болыўға тырысамыз. Бирақ жақсылық ислеў ушын көп нәрсе керек емес екенлигин аңламаймыз. Бир аўыз шийрин сөздиң өзи, кимлергедур үлкен күш, жигер бере алады. Сонлықтан, әтираңыздағы мехир, итибарға мүтәж инсанларға жақсы сөзиңизди аямаң. Бул сизиң жүрегиңиздиң саўап иске қуштарлығын аңлатады.

Дерек: KaNews.uz