Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми мағлыўматларына қарағанда, планетамыз халқының 15 пайызы (бир миллиардтан аслам инсан) майыплықтың анаў яки мынаў түринен қыйналмақта. Мәмлекетимизде ғәрезсизликтиң дәслепки күнлеринен баслап халықты социаллық қорғаўды және де күшейтиу, әсиресе, майыплығы болған пуқараларға турмыста кең имканият ҳәм шараятлар жаратып бериў мәселесине айрықша әҳмийет берип келинбекте.

3-декабрь – Халықаралық майыплар күни мүнәсибети менен Өзбекстан мусылманлар қазыяты "Вақф" қайырқомлық жәмийетлик фонды Қарақалпақстан Республикасы филиалы тәрепинен өткерилип атырған "Ғамхор болайық!" акциясы шеңберинде, Қанлыкөл районында жасаўшы майыплығы болған пуқараларға азық-аўқат өнимлери инам етилди.

Дерек: KaNews.uz