Меҳир-мүриўбет көрсетиў ҳәм қайыр-сақаўатлылық етиў әзелден бизиң халқымызға тән болған ең ағла пазийлетлерден бири болып есапланады. Усындай меҳир-мүриўбет акциясы 3-декабрь – Халықарлық имканияты шекленгенлер күни мүнәсибети менен Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Жаслар аўқамы басланғыш шөлкеми басламасы менен университет жетекши-жаслары қатнасыўында Республикалык 4-санлы герең ҳәм шала еситиӯши балалар ушын кәнигелестирилген мектеп интернатында болып өтти.

Меҳир-мүриўбет акциясын Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультетиниң Жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары З.Жуманов кирис сөз бенен ашып берди ҳәм ол өз сөзинде бүгинги күнде мәмлекетимизде халқымыздың социаллық турмыс дәрежесин көтериў барысында алып барып атырған жумыслар ҳаққында айтып өтти ҳәм мектеп тарбияланыўшыларын байрам менен қутлықлады.

Сол мектепте тәрбияланып атырған 30 дан аслам балаларға байрам саўғалары тапсырылды.

Дүнья-байлық ҳәм абырой-мәртебе материаллық әлемниң элементлери. Булар ўақтынша нәрселер болып, ал адамнан жақсылық, меҳир-мириўбет ҳәм қайыр сақаўатлылық ислери ғана мәңги қалады.

Азизбек Дабылов,
ҚМУдың Қарақалпақ филологиясы ҳәм
Журналистика факультетиниң 2-курс студенти.

Дерек: KARSU.uz