Хабарыңыз бар, Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен “Ҳуқықый үгит-нәсиятты әмелге асырыўда инновациялық технологияларды қоллаў” таңлаўында Қарақалпақстанлы Авезов Саламат Юлдашевич mehrtilsimi.uz сайты 1-орынды ийелеген еди.
Бүгин, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен Авезов Саламат Юлдашевичқа таңлаў шөлкемлестириўшилери тәрепинен берилген планшет, 1-дәрежели диплом ҳәмде министрликтиң жаңа жыл саўғалары тапсырылды.
Министрлик жәмәәти атынан Саламат Юлдашевичти қутлықлаймыз ҳәм алдағы ўақыттағы жумысларында табыслар тилеймиз.
Дерек: @KRAdillikMinistrligi
Отправить комментарий
Отправить комментарий