Бүгин мен ушын оғада айрықша күн болды. Дәслеп Бахтияр Кадирбергенов, Ермухаммед Кайпов ҳәм Сейилхан ағамыз күтилмегенде кирип келип ноутбук саўға қылып кеткен болса, бираздан фейсбукшы досларымда күтилмеген сюрпризлер менен кирип келип улыўма шокка түсирип таслады.

Өзлериниң келгени сюрприз болғаны жетпегендей өзим әрманлап жүрген смартфонды солайынша саўғалай тапсырғаны артып кетти.

Расы бундай жағдайда шокка түсиў ҳеш гәп емес екен. Тилге гәпте келмейди. Ноутбук сыйлаған Бахтияр аға ҳәм халықымызға, смартфон сыйлаған қәдирдан досларыма, ҳәмде өзлери келе алмаса да мениң ушын ең жақсы тилеклерин тилеген бәрше-бәршеге көп-көп рахмет!

Барларыңызға шүкир!

Бүгин меннен бахытлы адам жоқ!

Ислам Тилепов.

Дерек: Қарақалпақ 24