Жәрдемге мүтәж ҳәм аўыр социаллық жағдайдағы ҳаял-қызларды “Ҳаяллар дәптери”не дизимге алып, оларды қоллап-қуўатлап, материаллық жәрдемлер көрсетиў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги ҳәм Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими тәрепинен бир қатар әмелий ис-илажлар әмелге асырылмақта.

2020-жыл декабрь айында Қарақалпақстан Республикасында социаллық қорғаўға мүтәж болған 53 ҳаял-қыз «BERBINA NUKUS» шўба кәрханасы тәрепинен тигиўшилик бойынша кәсип-өнерге оқытылды. Өзбекстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги ҳәм Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Өзбекстандағы елшыханалары «COVID-19 ға қарсы гүресиў ис-илажлары ҳаққында»ғы жойбары тийкарында грант ажыратылды.

Бүгин, 4-февраль күни усы грант тийкарында пандемия дәўиринде жумыссыз қалған, бағыўшысын жоғалтқан, майып перзентлери бар ҳаял-қызларға өзин-өзи бәнт қылыў мақсетинде кәсип-өнерге оқытылған 23 ҳаял-қызларға тигиў машиналары, тигиўшилик буйымлар ҳәм сертификатлар тараў басшылары тәрепинен тапсырылды. Соннан, Нөкис қаласынан "Ҳаяллар дәптери”не дизимге алынған сегиз ҳаял-қызға тигиў машиналары берилди.

Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Дерек: Nukus.uz