6-февраль күни Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасында мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер менен мәмлекетлик шөлкемлер ҳәмде исбилерменлик субъектлериниң бирге ислесиўи мәселесине бағышланған илаж өткерилди.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов бүгинги күнде мәмлекетимизде Ҳүрметли Президентимиз басшылығында демократиялық өзгерислерди әмелге асырыў, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәмде пуқаралық жәмийетиниң басқа институтларын қоллап-қуўатлаў, олардың социаллық белсендилигин арттырыў бойынша бир қатар нәтийжели ислер әмелге асырылып атырғанлығын айрықша атап өтти.

Нәтийжеде мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер жәмийетимизде күн сайын беккем орын ийелеп, мәмлекетимиздиң тең ҳуқықлы шеригине айланбақта. Өз нәўбетинде, елимизде жумыс алып барып атырған мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкемлер жәрдемге мүтәж шаңарақларды ҳәм майыплығы болған шахсларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў, кем тәмийинленген шаңарақлардың перзентлерин ҳәм майып балалардың жеке мәплерин қорғаў, олардың материаллық ҳәм турмыс шараятын жақсылаў, оларға мәдений, медициналық ҳәм басқа да хызметлерди көрсетиўди шөлкемлестириў сыяқлы саўаплы ислерди әмелге асырып келмекте.

Бундай ийгиликли ислерге Өзбекстан “Мийрим-шәпәәт ҳәм саламатлық” жәмийетлик фонды Қарақалпақстан Республикасы аймақлық мәкемеси ҳәмде Өзбекстан “Арнаўлы Олимпиадасы” спорт жәмийетлик бирлеспеси Қарақалпақстан Республикасы бөлими де өзлериниң мүнәсип үлеслерин қосып киятырғанын айрықша атап өтиў тийис.

Әсиресе, олар тәрепинен денсаўлықты сақлаў системасындағы реформаларға көмеклесиў ҳәм бирге ислесиў, итибардан шетте қалған жалғыз, бахытсыз ҳәдийеселерден жәбир шегип атырған инсанларға ғамхорлық көрсетиў, майыплар ушын арнаўлы Олимпиада ҳәрекетин раўажландырыў ҳәм ғалабаластырыўда бул фонд ҳәм шөлкемлердиң орны айрықша әҳмийетке ийе болмақта.

Илажда Өзбекстан “Мийрим-шәпәәт ҳәм саламатлық” жәмийетлик фонды Қарақалпақстан Республикасы аймақлық мәкемеси баслығы Т.Рузметова ҳәмде Өзбекстан “Арнаўлы Олимпиадасы” спорт жәмийетлик бирлеспеси Қарақалпақстан Республикасы бөлими баслығы Г.Турсымуратова шөлкеми тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында жыйналғанларға мағлыўмат берди.

Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлими баслығы Т.Атамуратов, Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министриниң биринши орынбасары М.Аҳмедова, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты, “Кардар ислеп шығарыў өнимлери” ЖШЖ баслығы М.Шымбергенов  мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер менен буннан былайда бирге ислесиўди жолға қойыў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў халқымыздың ийгилигине, жәмийетимиздиң раўажланыўына хызмет ететуғынын атап өтти.

Әлбетте, бундай ийгиликли ислерди әмелге асырыў, инсанлардың аўырын жеңил етиў, әлбетте, өз-өзинен болмайды. Бундай ислерди әмелге асырыў ушын белгили муғдарда қаржы талап етиледи.

Қуўанарлы тәрепи сонда, жоқарыдағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер тәрепинен әмелге асырылып атырған ийгилики ислер бир қатар министрлик, шөлкемлер ҳәмде исбилерменлер тәрепинен қоллап-қуўатланбақта. Олар өзлериниң биймиллет материаллық жәрдемлерин көрсетип, қайырлы ислерге өз үлеслерин қосып келмекте.

Илажда мине усындай өзлериниң қәўендерлик жәрдемлерин көрсетип киятырған министрлик ҳәм шөлкемлерге, исбилерменлик субъектлерине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң “Алғыснама”лары тапсырылды.

Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер көрсетилип атырған итибар ҳәм ғәмхорлық ушын Президентимизге, елимиз басшыларына өз миннетдаршылығын билдирди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети
М.Ҳабибуллаев түсирген сүўретлер

Дерек: Joqargikenes.uz