Мәмлекетимизде халықты социаллық жақтан қорғаў, олардың мүтәжликлерин қанаатландырыў ең баслы ўазыйпа есапланады. Аймақлардағы кем тәмийинленген, майыплығы бар ҳәм басқаның күтимине мүтәж, имканияты шекленген шаңарақларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде жуўапкер мәмлекетлик мәкемелер, сондай-ақ, депутатлар мәкан пуқаралар жыйынлары баслықлары менен биргеликте бир қатар нәтийжели жумыслар әмелге асырылмақта.

Буған мысал, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Б.Сидиқов жеке өзиниң есабынан жәми 300 қалта (15 тонна) ун Нөкис қаласындағы бес мәкан пуқаралар жыйынлары («Анасай», «Саманбай», «Ақ жағыс», «Әмиўдарья», «Жийдели байсын») да жасаўшы «Темир дәптер»ге киргизилген жәрдемге мүтәж, имканияты шекленген шаңарақларға тарқатылды.

Дерек: Нөкис қаласы ҳәкимлиги