Нөкис қаласындағы «Жолшылар» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы жеке исбилермен Ерназаров Ерсултан қәўендерлигинде Рамазан ҳайыт байрамы мүнәсибети алдыннан аймақта жасаўшы майыплығы бар болған шаңарақларға бирлемши азық-аўқат өнимлери тарқатылды.

Исбилермен Е.Ерназаровқа аймақ пуқаралары ҳәм мәкан пуқаралар жыйыны атынан миннетдаршылық билдирилди.

Дерек: Нөкис қаласы мәҳалле ҳам шаңарақты
қоллап қуўатлаў бөлими