Елимизде Президентимиздиң басшылығында майыплығы болған шахсларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың нызамлы ҳуқықлары менен мәплерин қорғаўға айрықша итибар қаратылып келинбекте. Бул бағдарда өткен жылдың 22-июнинде Нызамшылық палатасы тәрепинен қабыл етилип, 11-сентябрьде Сенат тәрепинен мақулланған Өзбекстан Республикасының «Майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары ҳаққында»ғы Нызамы айрықша әҳмийетке ийе болды.

Нызамның 35-статьясында белгилеп қойылғанындай, мәмлекет майыплығы болған шахслардың денсаўлықты сақлаў хызметлеринен, сапалы ҳәм олардың талапларын есапқа алыўшы медициналық жәрдемнен басқа пуқаралар менен теңдей рәўиште пайдаланыў ҳуқықы әмелге асырылыўын тәмийинлеў мақсетинде зәрүр илажларды көреди. Сондай-ақ, усы Нызамның 36-статьясында пул төлемлери (пенсия, напақалар ҳәм бир жола берилетуғын төлемлер), реабилитация техникалық қураллары, соның ишинде, бөлмеге мөлшерленген арбашалар, еситиў үскенеси, басқа ҳәрекет таяныш қураллары және протез-ортепедия буйымлары менен бийпул тәмийинлеў нәзерде тутылған.

Соның менен қатарда, белгиленген тайпалары бойынша бийпул транспорт хызмети, дәри-дәрмақлар менен тәмийинлеў белгилеп қойылған. Майыплығы болған шахслар санатория-курорт шараятында бийпул денсаўлығын тиклеў, жалғыз жасаўшы өзгелердиң күтимине мүтәж майыплығы болған шахсларды тийкарғы азық-аўқат өнимлери ҳәм санитария-гигиена буйымлары менен тәмийинлениўине жәрдем бериледи.

Бул бағдарда Нөкис қалалық медициналық-социаллық сектор тәрепинен бир қатар жумыслар әмелге асырылымақта. Атап айтқанда, өткен жылы 98 майыплығы болған пуқараға майыплық арбашасы, 85 пуқараға еситиў үскенеси, 91 пуқараға балдақ, шығанақ ҳәм көзи әззилер ҳасса таяғы менен тәмийинлеп берилди. 190 пуқараға Ташкент қаласы, Ферғана, Наманган ўәлаятларындағы ҳәм республикамыздағы санаторияларға жоллама берилген болса, быйылғы жылдың өткен айларында 37 майыплығы болған пуқара майыплық арбашасы, 27 пуқара еситиў үскенеси, 64 пуқара балдақ, шығанақ ҳәм көзи әззилер ҳасса таяғы, 95 пуқара санаторияларға жоллама менен тәмийинленди.

Бүгинги күнде нуранийлеримиз, майыплығы болған ҳәм социаллық жәрдемге мүтәж пуқаралар арасында Өзбекстан Республикасының «Майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары ҳаққында»ғы Нызамының мазмун-мәнисин кеңнен үгит-нәсиятлаў жумыслары алып барылмақта.

Риза ШНЫБАЕВА,
Нөкис қалалық медициналық-социаллық сектордың басшысы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

Дерек: KKNEWS.uz – Қарақалпақстан хабар агентлиги Рәсмий веб-сайты