Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги, Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Қораөзек районы әдиллик бөлими ҳәмде райондағы 4 сектор басшылары менен биргеликте усы жылдың 29-апрел күни Қораөзек районының шет аймақларынан бири “Қойбақ” АПЖда халықтың мәселелерин үйрениў мақсетинде көшпели қабыллаў өткерилди.
Көшпели қабыллаўда Қарақалпақстан Республикасы әдиллик министри С. Мамбеткадыров ҳәм Қораөзек район әдиллик бөлим баслығы О. Джуманиязовлар қатнасып, майыплығы болған шахслар, кем тәмийинленген ҳәм соcиаллық қорғаўға мүтәж шаңарақлар, жалғыз кекселер, турақлы жумыссыз пуқараларға “Темир дәптер” тийкарында жәрдем бериў тәртиби, соның менен бирге, исбилерменлик искерлиги ҳәм өзин-өзи бәнт эткен шахс сыпатында искерликти әмелге асырыў тәртиби ҳаққында мағлыўматлар берилди.
Қабыллаў даўамында пуқараларға материаллық жәрдем ажыратыў, турақ-жай тәмийнаты, исбилерменлик искерлигин баслаў ушын жеңилликли кредит алыў тәртиби, мийнет қатнасықлары, салық жеңилликлери, пенсия тәмийнаты мәселелелери бойынша мүрәжатларына орнында ҳуқықый түсиниклер берилип, тийисли мүрәжатлар қабылланды.
“Бийпул ҳуқықый мәслаҳәт пенен ҳәр бир үйге” ураны астында усы аймақта жасайтуғын соcиаллық қорғаўға мүтәж шаңарақларға үйме-үй жүрип ҳуқықый мәслаҳәтлар берилди ҳәмде тийисли мүрәжатлар қабыл этилди.
Соның менен бирге, министрлик тәрепинен райондағы айырым кем тәмийинленген шаңарақларға материаллық жәрдемлер берилди.
Отправить комментарий
Отправить комментарий