Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Мурат Камалов Республикалық қәнигелестирилген онкология ҳәм радиология илимий-әмелий медицина орайы Қарақалпақстан филиалында болды.

Филиалда шөлкемлестирилген студия арқалы Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев басшылығында  онкология системасын жетилистириў илажлары бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде қатнасты.

Мәжилисте Жоқарғы Кеңес Баслығы М.Камалов сөзге шығып, Қарақалпақстанда онкологиялық ҳәм гематологиялық кеселликлерди анықлаў ҳәм емлеў, олардың алдын алыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар, бул бағдарда ушырасып атырған кемшилик ҳәм машқалаларға кеңнен тоқталып, оларды сапластырыў бойынша пикир ҳәм усынысларын билдирди.

Мәжилисте Президентимиз тәрепинен бул бойынша бир қатар әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилди.

Буннан соң, Жоқарғы Кеңес Баслығы Республикалық қәнигелестирилген онкология ҳәм радиология илимий-әмелий медицина орайы Қарақалпақстан филиалында наўқаслардың емлениўи ушын жаратылған шараятлар менен танысты, наўқас балалардың ҳалынан хабар алып, оларға саўғалар тапсырды. Балалардың ата-аналары ҳәм филиал қәнигелери менен сәўбетлесип, олардың пикир ҳәм усынысларын, машқалаларын тыңлады. Машқалаларды сапластырыў бойынша тийисли шөлкем басшыларына тапсырмалар берди. Филиал қәнигелери ҳәм ата-аналар итибар ҳәм ғамхорлығы ушын Президентимизге, республикамыз басшыларына миннетдаршылық билдирди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети

Дерек: Joqargikenes.uz