Мүбәрек Рамазан айында Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясының белсендилери менен жергиликли Кеңеслердиң депутатлары республикамыз аймағындағы жәрдемге мүтәж шаңарақларға, бағыўшысынан айырылған ҳәм майыплығы болған пуқараларға ҳәр тәреплеме қайырқомлық көрсетпекте.

Жақында партияның Нөкис қалалық Кеңесиниң баслығы Р.Қудияров ҳәм Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң депутаты С.Исметовалар «Көскөл» мәкан пуқаралар жыйынындағы усындай шаңарақлардан хабар алды. Соның ишинде, «Темир дәптер» ҳәм «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген 10 шаңараққа азық-аўқат өнимлери тапсырылды.

Аймақ турғынлары бундай ғамқорлығы ушын партия белсендилери менен депутатларға миннетдаршылық билдирди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

Дерек: KKNEWS.uz – Қарақалпақстан хабар агентлиги Рәсмий веб-сайты