1-июнь – Халықаралық балаларды қорғаў күни алдынан Қарақалпақстан Республикасы қәнигелестирилген көркем өнер мектебинде “Мафтункор ранглар жилоси” атамасында қайырқомлық илажы болып өтти. 

Имканияты шекленген жасларды руўхый ҳәм материаллық жақтан қоллап-қуўатлаў мақсетинде өткерилген бул илажға үй шараятында оқып, билим алып атырған оқыўшылар ҳәм олардың ата-аналары қатнасты. 

Илажда оқыўшы жаслар сүўретлеу өнери бойынша өз дөретпелери менен қатнасып, көркем өнер ықласбентлериниң нәзерине түсти. Илаж соңында бул балаларға "Майыплар жәмийети" Нөкис қалалық бөлими ҳәм Нөкис қаласы ҳәкимлиги тәрепинен ҳәр қыйлы атамадағы китаплар ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Зерхан Орақбаева,
ҚМУ Журналистика тәлим бағдарыныӊ 2-курс студенти.

Дерек: KKNEWS.uz – Қарақалпақстан хабар агентлиги Рәсмий веб-сайты