Қоңырат районы майыплар жәмийети тәрепинен кем тәмийинленген ҳәм майыплығы болған шаңарақларға Рамазан айында саўғалар берилип ҳүрмет көрсетилип атыр.

Рамазан ҳайыт байрамы қарсаңы алдынан баслы мақсетлеримиздиң бири майыплығы болған ҳәм кем тәмийинленген шаңарақларға ҳүрмет көрсетиўтилди. Қоңырат районымызда ҳәзирги күнде жәми 3 721 майыплығы болған шахслар бар болып, соннан 1 177 балалықтан майып, 710 кем тәминленген шаңарақ бар болып олардың социаллық қорғаўға алыў иләжлери алып барылыўы даўамында районлық Майыплар жәмийетиниң есап-бетине барлық кәрхана хәм шөлкемлердиң басшылығында қайыр-сақаўат қаржыландырыў тәмийинлеп, тийисли мәмлекетлик программалар талапларына тийкар есапқа алыў, денсаўлығын сақланыўына, мийнет етиў, билим алыў ҳәм үйли-жайлы болыў ҳәм басқа да жәмийетлик-экономикалық ҳуқықларды әмелге асырыўда тосқынлықларды сапластырыў мақсетинде нызамларда нәзерде тутылған социаллық ҳәм қәўендерлик жәрдем бериў жолы менен олардың жеке раўажланыў, дөретиўшилик имканиятлары менен уқыпларын әмелге асырыўы ушын оларға зәрүрли жағдайлар, социаллық теңликке сөзсиз әмел қылыўын тәмийнлеў;

– социаллық қорғаўға алыў иләжлери алып барылыўы даўамында шаңарақлар ҳәмде пуқаралар тәрепинен бақымандалық мүнәсибетте болыўы, өзиниң экономикалық искерлиги есабынан емес, мәмлекеттиң жәрдемлери есабынан күн көриўге интилиўларына жол қоймаў;

– шаңарақ ағзаларының материаллық жетискеншилиги, балаларын тәрбиялаўы, оларды ҳәр тәреплеме физикалық, ақллы, руўхый-әдеп икрамлы өсиўи ушын зарүрли имканиятлар жаратыў, билим алыў ҳәмде кәсип-өнер ийелеўде шаңарақлардың жуўапкершилигин кушейттириў;

– ҳуқықбузарлықлар профилактикасын әмелге асырыўшы үйымлар, аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары, көше бийлери, жасы үлкен нураныйлер ҳәмде мийнет ветеранлары менен биргеликте жәмийеттеги ҳуқықбузарлықлар, жынаятшылық ҳәм жәмийетке жат болған ис-ҳәрекетлердиң алдын алыў бойынша халық арасында кең қамраўлы үгит-нәсият жумысларын алып барыў, әсиресе оқыўшы жаслар арасында тәрбиялық әҳмийетке ийе болған жумысларды күшейттириўге қаратылған тапсырмалар берилди.

2021 жыл 10-12 май күнлери Қоңырат районлық Майыплар жәмийети тәрепинен Тарақлы, Бостан, Азатлық, Алмазар, Темир жол, Наўайы, Алтынкѳл,Таллық мәкан пуқаралар жыйынларда жасап атырған 15 майыплығы бар болған шаңарақларға барып хабар алып, ҳәр бирне 70 000 сўмлық азық-аўқат өнимлери болған (20 ақ май (1л), 20 кг макарон, Гүриш 20 кг, 20 кг конфет (1кг ҳәр шаңараққа) 20 шт чай, 20 кг печение, 20 литр сүт ѳнимлери карточка пияз ҳәм тағы басқада азық-аўқат өнимлери берилди ҳәм буннан тысқары 500 дана бийпул медициналық қорғаныў нықап хәм қолқаплар тарқатылды.

Бундай саўаплы ислер районымызда даўам етпекте.

Қарақалпақстан Республикасы майыплар жәмийети
Қоңырат район бөлими баслығы И.Ембергенова.