Ҳәр инсан жайлайынан спорт пенен турақлы шуғылланса, дени саў ҳәм тетик өседи. Мәмлекетимизде жас өспиримлер арасында спорт жарысларының турақлы өткерилип барлыўы, келешек әўладтың ҳәр тәреплеме жетик инсанлар болып жетилисиўине өзиниң тәсирин тийгизери анық. Мине, усы мақсетте «Өзбекстан арнаўлы Олимпиадасы» жәмийетлик бирлеспеси Қарақалпақстан Республикасы бөлими тәрепинен ҳәр жылы дәстүрге айланып, өткерилип киятырған «Қарақалпақстан футбол ҳәптелиги» бағдарламасы тийкарында «Биз биргемиз!» ураны астында имканияты шекленген балалар арасында спорттың мини футбол, стол тенниси, бадминтон, шашка түрлери бойынша жарыслар болып өтти.

Жарыс Нөкис қаласындағы «Қумбыз аўыл» мәкән пуқаралар аймағында жайласқан «Мега-Нукус» жуўапкершилиги шекленген жәмийети газон майданшасында өткерилди.

Пайтахтымыздағы 10-санлы көзи әззи ҳәм шала көриўши балалар ушын қәнийгелестирилген мәмлекетлик мектеп-интернаты директоры Ә.Бегжановтың басшылығында коррекциялық шынығыўлар ҳәм дене тәрбиясы муғаллимлери биргеликте оқыўшыларды ҳәр түрли спорт жарысларына жоқары дәрежеде таярлап қатнастырыўға еристи. Усындай қоллап-қуўатлаўлар нәтийжесинде мектеп-интернат оқыўшылары бир қатар спорт ойынларынан сыйлы орынларды ийеледи. Шашка бойынша 1-орын, мини футбол бойынша ул балалар 2-орын, қызлар балалар 1-орын, бадминтон ҳәм стол тенниси бойынша 2-орынларды ийелеўге миясар болды.

Жарыс жуўмағында имканияты шекленген балалардың атқарыўындамәдений иләжлар, ритмикалық ҳәм емлеў гимнастикасы шынығыўлары, аяқ ойын көринислери болып өтти.

Усы иләжлары өткериўде жақыннан жәрдем берген «Өзбекстан арнаўлы Олимпиадасы» жәмийетлик бирлеспеси Қарақалпақстан Республикасы бөлими баслығы Г.Турсымуратов, «Мега-Нукус» жуўапкершилиги шекленген жәмийети баслығы исбилермен Н.Есбосыновқа ҳәм бир қатар қайырқомлық жәрдем берген инсанларға мектеп-интернат жәмәәти атынан миннетдаршылық билдиремиз.

Б.ТЛЕЎОВА,
Пайтахтымыздағы 10-санлы көзи әззи ҳәм шала
көриўши балалар ушын қәнийгелестирилген
мәмлекетлик мектеп-интернаты
коррекциялық шынығыўлар муғаллими.

Дерек; «Устаз жолы» 8-май, 2021-жыл