Халықаралық балаларды қорғаў күнине бағышланған байрам илажы Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлигине қараслы Аралбойы балалары ушын республикалық реаблитация орайына ийе болған «Имкан» қәнигелестирилген көп тармақлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде де болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов жыйналғанларды байрам менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, елимизде бирден-бир есапланған 120 орынға мөлшерленген бул қәнигелестирилген көп тармақлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми 2019-жылы сапалы етип пайдаланыўға тапсырылды. Бул жерде тийкарынан сөйлеў, көриў ағзаларында, өсип-раўажланыўында нуқсаны болған 2 жастан 7 жасқа шекемги балалар тәрбияланбақта. Соның менен бирге, 2 жастан 16 жас аралығындағы балалар ҳәм жас өспиримлер реаблитация орайына қатнаўына болады.

Орайда Россия Федерациясының Москва қаласындағы «Балалық» реабилитация орайында, Санкт-Петербург қаласындағы А.И.Герцен атындағы Россия мәмлекетлик педагогикалық университетинде, Корея Республикасында қәнигелигин арттырып келген педагоглар, медицина хызметкерлери ҳәм дефектологлар жумыс алып барады. Соның менен бирге Корея халықаралық бирге ислесиў агентлигиниң (КОИКА) ҳәм Япония халықаралық бирге ислесиў агентлигиниң (JICA) елимиздеги ўәкилханалары менен бирге ислесиў жолға қойылған.

Ҳәзирги ўақытта бул балалар бақшасында 137 жоқары қәнигеликтеги медицина хызметкери ҳәм тәжирийбели педагог кадрлар коррекциялық педагогика жумысларын алып бармақта. Бул жерде балалардың денсаўлығын тиклеў, оларға билим ҳәм тәрбия бериў ушын барлық қолайлықлар жаратылған.

Байрам тамашаларында балалар тәрепинен түрли миллетлердиң қосық ҳәм аяқ ойынлары, тақмақлар атқарылды. Республикамыз көркем өнер шеберлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы, Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театры жәмәәти тәрепинен атқарылған сахналық көринислер балаларға айрықша қуўаныш бағышлады.

Илаж соңында тәрбияланыўшыларға қәўендерлер тәрепинен саўғалар тапсырылды.

Усындай байрам илажы Тақыятас районындағы Балалар үйинде де болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов қатнасты ҳәм бәршени байрам менен қутлықлады.

Байрам тамашалары усы жерде тәрбияланып атырған бес баланың сүннет тойына уласып кетти. Оларға аманат дәптершелери, қәўендерлер тәрепинен саўғалар тапсырылды. Соның менен барлық тәрбияланыўшыларға байрам саўғалары берилди.

Илаж қатнасыўшылары бул жердеги балаларға жаратылған шараятлар менен танысты. Республикамыз көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы бәршеге айрықша заўық бағышлады.

Дерек: KKNEWS.uz – Қарақалпақстан хабар агентлиги Рәсмий веб-сайты