Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы ўәкиллери ҳәм депутатлар турақлы түрде үйме-үй жүрип, халықты қыйнап киятырған машқалаларды шешиў үстинде жумыс алып бармақта.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Зухра Палўанованың қатнасында Нөкис қаласындағы «Бестөбе» посёлкалық пуқаралар жыйыны аймағында «Үйме-үй» жойбары шеңберинде сайлаўшылар менен өткерилген ушырасыўда сайлаўшылардың биринен мүрәжат келип түсти. Атап айтқанда, усы аймақта жасаўшы Абадан Әўезмуратова 2014-жылы туўылған баласы Азамат Мақсетбаевтың өзи еркин ҳәрекет ете алмаслығы ушын майыплық арбашасына мүтәжлигин айтып, жәрдем сораған еди.

Усы мүрәжат тийкарында депутат Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрине депутатлық сораў менен шықты. Мине 1-июнь-Халықаралық балаларды қорғаў күни алдында бул мәселе унамлы шешимин тапты. Байрам күни арбаша өз ийесине тапсырылды. Әлбетте бул байрамға әжайып саўға болды.

 

Ф.РЕЙМБАЕВА,И.ҚАДИРБЕРГЕНОВА,
ҚМУ журналистика тәлим бағдары студентлери.

Дерек: KKNEWS.uz – Қарақалпақстан хабар агентлиги Рәсмий веб-сайты