Елимиз ғәрезсизлигиниң 30 жыллық байрамы алдынан «Депутат мәҳәлледе – машқалаларды шешиў жолында» жойбары шеңберинде O’zLiDeP тен сайланған депутатлар орынларда сайлаўшылардың машқалаларын үйме-үй жүрип, үйренбекте.

Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңесиндеги O’zLiDeP депутатлық топары ағзасы Бердақ Қудайназаров өзи сайланған аймақ сайлаўшылары менен сәўбетлесип, олардың машқалалары ҳәм пикирлерин тыңлады.

Райондағы “Раўшан” аўыл пуқаралар жыйыны турғыны Ермек Сағындықов ата-анасынан жетим қалған, 2-топар майыбы. Жасап атырған үйи авариялық жағдайда. Пуқараның үйин оңлаўға материаллық жағдайы жетпейди. Сонлықтан депутат пуқараның үйин қайтадан оңлаўға керекли затларды алып бериўде баслама көрсетти.

Бүгинги күнде пуқараның үйин оңлаў жумыслары баслап жиберилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

Дерек: KKNEWS.uz