Бүгин, 9-август күни Нөкис қаласындағы Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театры мәжилислер залында Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары бойынша биринши мәрте «Disability Rights» – Майыплығы болған адамлар ҳуқықы арнаўлы топламы ислеп шығылғанының еки жыллығы ҳәм «Майыплылық ҳуқықлары» мобиль қосымшасының презентациясына бағышланған илаж болып өтти.


Буннан саррас еки жыл алдын «Mehrtilsimi.blogspot.com» социаллық-ҳуқықый сайты ҳәм «SA.KR.UZ» жеке веб-сайтының шөлкемлестириўшиси, балалығынан екинши топар майыбы Саламат Авезов тәрепинен ислеп шығылған «Disability Rights» – Майыплығы болған адамлар ҳуқықы арнаўлы топламы усы күнге шекем көплеген ийгиликли жумысларды атқарды. Усы арнаўлы топламның расмий Телеграм каналы ислеп шығылып, бул арқалы елимиздеги майыплығы болған адамлардың ҳуқықый саўатлылығын арттырыў, олар тәрепинен берилип атырған сораўларға қәнигелер менен биргеликте жуўап бериў, усы бағдарда нызамшылықтағы соңғы жаңалықларды турақлы түрде жәриялап барыў сыяқлы жумыслар әмелге асырылды..

Атап айтқанда, юрист О.Исоқов ҳәм «Мадад» мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми Нөкис қалалық ҳуқықый мәсләҳәт бюросының бас қәнигеси Нурия Бердиниязова менен биргеликте майыплығы болған адамлар тәрепинен жолланған сораўлар және мүрәжатларға жазба, аудио ҳәм видеоформатларда жуўаплар берилип келинбекте.

Сондай-ақ, бул бағдардағы жумысларды еле де жетилистириў мақсетинде «TexnoPOS» IT-мектебиниң шөлкемлестириўшиси Ш.Қалабаев ҳәм усы мектептиң оқыўшылары А.Қазақбаев, Н.Көшкинбаевлар менен биргеликте майыплығы болған адамлардың ҳуқықларына байланыслы барлық мағлыўматлар жәмленген «Майыплылық ҳуқықлары» мобиль қосымшасы ислеп шығылды.

Илажда усы мобиль қосымшаның әҳмийети ҳәм имканиятлары жыйналғанларға таныстырылды.

– Мобиль қосымша оффлайн тәризде жумыс ислеп, онда майыплығы болған адамлардың ҳуқықлары, сораў-жуўаплар, усы бағдардағы китаплар, ҳуқықый-нормативлик ҳүжжетлер орын алған, – дейди жойбар авторы ҳәм шөлкемлестириўшиси Саламат Авезов. – Алдағы ўақытларда мобиль қосымшаға излеў функциясы, аудиоформатта сораўларға жуўап бериў ҳәм басқа да қосымша мүмкиншиликлерди қосыў, сондай-ақ, мобиль қосымшаны глобаллық Интернет тармағына шығарыўды жобаластырып отырмыз.

Илажда әмелге асырылған жумыслар ҳәм алдағы жобалар бойынша пикир алмасылды.

Мағлыўмат орында атап өтиў орынлы, Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен усы жылдың 22-февраль күни БМШ Инсан ҳуқықлары бойынша кеңесиниң 46-сессиясындағы шығып сөйлеўинде 2021-жылда «Майыплығы болған адамлар ҳуқықлары ҳаққындағы конвенцияны ратификациялаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамы қабыл етилиўи басламасын алға сүрген еди. Усы тийкарда қабыл етилген нызам майыплығы болған адамлардың ҳуқықларының теңлиги, әсиресе, ҳаял-қызлар ҳәм балалардың билим алыўы, денсаўлығын сақлаў, мийнет етиў, өзи ҳәм шаңарағы ушын жетерли турмыс шараятына ийе болыўының ҳуқықый кепили болды.

Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Дерек: KarInform.uz – Информациялық-аналитикалық сайт

Видео: Youtube