Өзбекстан мусылманлары басқармасы жанындағы «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик қоры Қарақалпақстан Республикасы аймақлық филиалы тәрепинен Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы мүнәсибети менен қайырқомлық илажы өткерилди.

– Мақсетимиз ең уллы, ең әзиз байрам алдынан бағыўшысын жоғалтқан, социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлардың ҳал-жағдайынан хабар алып, олардың аз болса кеўиллерин көтериў болып табылады, – дейди «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик қоры Қарақалпақстан Республикасы аймақлық филиалы баслығы ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы Исламбек Тажетдинов.

– Атап айтқанда, «Мириўбет үйи»не бир миллион сумлық азық-аўқат өними тапсырылды. Буннан тысқары, бес майыплығы болған шахстан, бир урыс ҳәм үш мийнет ветеранынан, 3 жалғыз баслы кексе, 4 бағыўшысын жоғалтқан, 4 кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж шаңарақтан хабар алынып, оларға азық-аўқат өнимлери берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

Дерек: KKNEWS.uz