Социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлар, майыплығы болған инсанлар, напақадағы кекселер, жас өспиримлер, балалар, туўыў жасындағы ҳаяллар тереңлестирилген медициналық тексериўден өткерилди. «Саламат әўлад ушын» қайырқомлық фонды тәрепинен бийпул дәри-дәрмақлар, санитариялық-гигиеналық буйымлар тарқатылды.
– Денсаўлықты сақлаў минстрлигине қараслы COVID орайы, көз кеселликлери емлеўханасы, перенатал орайы, қантлы диабет кеселлиги диспансерине, балалар емлеўханасына, жәми 1 миллиард 600 миллион сумлық дәри-дәрмақлар, санитариялық-гигиеналық буйымлар берилди,-дейди фондтың Қарақалпақстан Республикасы филиалының директоры О.Ембергенова.
Сондай-ақ, Хожели районындағы 1-санлы Меҳрибанлық үйи тәрбияланыўшыларына 23 миллион 573 мың сумлық оқыў қураллары ҳәм витаминлер, санитариялық-гигиеналық буйымлар, халық билимлендириў министрлигине қараслы арнаўлы мектеп интернатларына 161 миллион сумлық китаплар, витаминлер, телевизор ҳәм санитариялық-гигиеналық буйымлар, майыплық арбашалары берилди.
Өткерилген илажларға қатнасқан пуқараларға коронавирус инфекциясы тарқалыўы ҳәм қайта кеселлениўден сақланыў, алдын алыў, ҳаял-қызлар саламатлығы, саламат турмыс тәризи ҳаққында кең түрде түсиниклер берип барылды.
Илажлар даўам етпекте.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги
Дерек: KKNEWS.uz
Отправить комментарий
Отправить комментарий