Мойнақ районында жасаўшы, майыплығы бар болған пуқараның жайы шиферланып, оның турақ жайына ысытыў қазанханасы салып берилди. Бул ҳаққында район ҳәкимлиги бермекте.

Мәлим етилиўинше, Ҳәким ата АПЖ, Дослық аўылының турғыны Ж.Юсупов майыплығы бар болғаны себепли турақ жайына ысытыў қазанханасы кереклигин айтқан ҳәм үйиниң төбесин шифер менен бастырып бериўде әмелий жәрдем сорап мүрәжат еткен.

Дерек: Makan.uz