Халықтыӊ ҳуқықый санасы ҳәм ҳуқықый мәдениятын және де асырыў, соныӊ менен бирге оларға бирлемши юридикалық жәрдем көрсетиў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ “Жәмийетте ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятты жетилистириў системасын түптен раўажландырыў ҳаққында”ғы Пәрманы ҳәм ҳүкиметимиздиӊ “Халыққа ҳуқықый мәлимлемени жеткериў ҳәм юридикалық жәрдем көрсетиў системасын және де жетилистириў илажлары  ҳаққында”ғы Қарары қабыл етилген еди.

Мине усы Пәрман ҳәм қарардыӊ орынланыўын тәмийинлеў барысында мәмлекетимизде бир қанша жумыслар әмелге асырылды. Солардан бири, Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигиниӊ басламасы менен 2019-жылдыӊ сентябрь айында “Мадад” мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми шөлкемлестирилди.

Бүгинги күнге келип Өзбекстан республикасы бойынша бул шөлкемниӊ 60 ҳуқықый мәсләҳәт бюросы, соннан Қарақалпақстан Республикасыныӊ төрт аймағында, яғный Мойнақ, Әмиўдәрья, Беруний районлары ҳәм Нөкис қаласында бул бюролар өз жумысларын алып бармақта.

Усы шөлкемниӊ Нөкис қаласындағы ҳуқықый мәсләҳәт бюросы 2020-жылдыӊ сентябрь айында шөлкемлестирилген болып, ҳәзирги ўақытта пуқараларға бирлемши юридикалық жәрдем көрсетип, жәмийетимизде ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятты асырыў жумысларын әмелге асырып келмекте. Тийкарынан халқымызға олардыӊ ҳәр қыйлы мазмундағы, атап айтқанда шаӊарақлық, мийнет, социаллық қорғаў, үй-жай, жер, суд-ҳуқық мәселелери бойынша сораўларына ҳуқықый түрде мәсләҳәт, түсиниклер бериў менен бирге бийпул түрде судларға даўа арза жазыўда, басқа да ҳуқық қорғаў уйымларына арзалар таярлаўда әмелий жәрдем көрсетип, халқымыздыӊ кеўлинен шығып, олардыӊ нызамлы мәплериниӊ қорғалыўында өз хызметин көрсетип атыр.

Буннан тысқары тийисли тәртипте мәҳәллелерге шығып, бийпул ҳуқықый мәсләҳәт саатларын шөлкемлестирип, сондай-ақ Нөкис қаласы әдиллик бөлими менен биргеликте «Бийпул ҳуқықый мәсләҳәт пенен ҳәр бир үйге» ураны менен үйме-үй жүрген ҳалда ҳуқықый жәрдемге мүтәж шанарақлар менен ушырасып, олардыӊ сораўларына ҳуқықый тийкарланған жуўаплар бериў жумысларын да әмелге асырып атыр.

Булардыӊ ҳәммеси ҳуқықый жәрдемге мүтәж, нызамсыз түрде ҳуқықы бузылғанда қай жерге мүрәжаат етиў кереклигин билмей жүрген, ямаса ҳуқықы бузылған жағдайда мәсләҳәт алыў ушын материаллық аўҳалы тәрепинен қыйыншылыққа ушыраған, соныӊ менен бирге кем тәмийинленген шаӊарақ ағзалары ушын жаратылып атырған имкәниятлардыӊ бири десек қателеспеймиз.

Егер де халкымыздыӊ бийминнет юридикалық мәсләҳәт алыўға мүтәжлиги болса, Нөкис қаласы, Ғәрезсизлик көшеси номерсиз жайға, яғный ПХАЖ бөлими имаратында жайласқан “Мадад” мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеминиӊ Нөкис қаласы ҳуқықый мәсләҳәт бюросына ҳәптениӊ дүйшенби-жума күнлери саат 9:00ден (түслик 13:00ден 14:00ге шекем) 18:00 аралығында мүрәжат етиўлери мүмкин.

Мадад мәмлекетлик емес коммерциялық емес
 шөлкеминиӊ Нөкис қаласы ҳуқықый
 мәсләҳәт бюросы бас қәнигеси А.Алдамуратова