“Мадад” мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеминиӊ Нөкис қаласы ҳуқықый мәсләҳәт бюросы төмендеги мәселелер бойынша халқымызға бийпул түрде өзиниӊ ҳуқықый мәсләҳәтлерин берип, бирлемши юридикалық жәрдем көрсетеди, яғый:

– Социаллық қорғаў (пенсия, напақа ҳәм материаллық жәрдем);
– Шаӊарақлық қатнасықлар;
– Мийнет қатнасықлары;
– Ден саўлықты сақлаў;
– Үй-жай коммунал мәселелери;
– Билимлендириў;
– Жер ҳәм аўыл хожалығы мәселелери;
– Пуқаралық (миграция)
– Мәмлекетлик хызметлер;
– Суд-ҳуқық мәселелери;
– Исбилерменлик;
– Салықлар;
– Банк тараўы;
– Тутыныўшы ҳуқықы;
– Транспорт
– Басқада тараўлар

Мәнзилимиз Нөкис қаласы, Ғәрезсизлик көшеси номерсиз жай, яғный Нөкис қаласы ПХАЖ бөлими имараты (ЗАГС), ҳәптениӊ дүйшенби-жума күнлери саат 9:00ден (түслик 13:00ден 14:00ге шекем) 18:00 аралығында мүрәжат етиўиӊиз мүмкин.