Орынларда мүтәж инсанларға жәрдем берилип, олардың талапларын қанаатландырыў мақсетинде бир қатар илажлар әмелге асырылмақта. Себеби, елимизде инсанларға болған ҳүрмет ҳәм итибар, оларды қоллап-қуўатлаў бүгинги күнниң ең әҳмийетли мәселелериниң бири болып есапланады.

Усындай жумыслардың түп-тийкарында тек ғана бир мақсет турады. Ол да болса, «Инсан қәдири ушын» деген ағла идеяны әмелге асырыў.

Бундай ийгиликли ислердиң бири Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы ТИТУ Нөкис филиалы тәрепинен де әмелге асырылды.

Филиалдың компьютер инжиниринг факультетиниң 3-курс студенти Ерназар Назарбаев сабақлық программаларды терең өзлестириўи ушын компьютерге мүтәж болғаны cебепли, оның бул тилеклери инабатқа алынып, филиал админстрациясы тәрепинен компьютер топламлары менен толық тәмийинленди.

– Мен компютерде өз бетимше жумысларды ислеўди, сабақларды орынлап, жаңа программалар бойынша өз үстимде шуғылланыўды қәлейтуғын едим. Қолымда майыплығым болғаны себепли лекцияларды ручкада жазыўға қыйналатуғын едим. Енди мениң жеке компьютерим бар. Буннан оғада қуўанышлыман. Мениң мүтәжлигимди қанаатландырғаны ушын басшыларымыздан миннетдаршылығым шексиз,-дейди Е.Назарбаев.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

Дерек: KKNEWS.uz – Қарақалпақстан хабар агентлиги Рәсмий веб-сайты