«Ҳаяллар дәптери», «Жаслар дәптери», «Темир дәптер»ге киритилген үй-жайға мүтәж ҳаял-қызларды үй-жай менен тәмийинлеў, Ташкент қаласында баспанасыз, аўыр турмыс шараятына түсип қалған пуқаралардың жасаў шараятларын жақсылаў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 6-декабрь күнги 737-санлы қарары менен «Натурақ орынларда жасап атырған, сондай-ақ, ата-анасынан яки олардың биринен айырылған ҳәм де жалғыз анасы, жалғыз атасы яки басқа шахслар қарамағында болған ер жеткен үй-жайға мүтәж ҳаял-қызларды үй-жай менен тәмийинлеў тәртиби туўрысында»ғы Реже тастыйықланды.

Режеге көре, үй-жай шараятын жақсылаў нийетинде болған үй-жайға мүтәж ҳаял-қызлар өзин-өзи басқарыў үйымы яки район (қала) мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлимине сораўнама-арза менен мүрәжәәт етеди.

Үй-жайға мүтәж ҳаял-қызларды үй-жай менен тәмийинлеўге көмеклесиў комиссиясы ҳәр шеректе (шерек биринши айының 15-күнине шекем) ҳаял-қызлардың үй-жайға зәрүрлиги дәрежесин үйренип шығады.

Үй-жайға мүтәж ҳаял-қызлар Комиссияның тийисли қарары қабыл етилгеннен соң, көби менен 30 күннен аспаған мүддет ишинде социаллық үй-жайларға ижара ҳуқықы тийкарында ўақтыншалық жайластырылады.

Бунда:

‒ район (қала) ҳәкимлиги Комиссия қарары қабыл етилгеннен соң 20 күн ишинде социаллық үй-жайға жайластырылатуғын ҳаял-қызлар менен ижара шәртнамасын дүзеди;

‒ ижара шәртнамасы дүзилгеннен кейин 5 күн ишинде социаллық үй-жайды тапсырыў қабыл етиў дәлалатнамасы дүзиледи;

‒ дәлалатнама дүзилгеннен соң, үй-жайға мүтәж ҳаял-қзлар 5 күн ишинде социаллық үй-жайға жайластырылады. Майыплығы болған шахслар, кексе жастағы ҳәм өзи ҳәрекетлерине аламайтуғын шахслар үстинлик ретинде көп квартиралы үйлердиң биринши қабатындағы социаллық үй-жайларға жайластырылады. 

Бул социаллық үй-жайлар муниципал мүлк ҳуқықы тийкарында район (қала) ҳәкимлигине тийисли болады ҳәм олар бойынша айрықша есап-китап жүритиледи.

А.Алдамуратова,
«Мадад» мәмлекетлик емес коммерциялық
емес шөлкеми Нөкис қаласы ҳуқықый
мәсләҳат бюросы бас қәнийгеси.