Усы жылдың 13-Февраль күни "Өзбекстан Қызыл Ярым Ай жәмийети" Қарақалпақстан. Республикасы шөлкеми директоры Гүлшат Турсымуратова басшылығында, жасларды меҳр-мириўбет жумысларына тартыў, волонтёрлар санын көбейтиў ҳәм инсаныйлықты кең үгит нәсиятлаў жумысларын алып барыў мақсетинде, миллий тағамларымыздан бири "Сүмелек" таярлаў мәресимин шөлкемлестирилди.

Илажда шөлкемлер басшылары, волонтерлар хәм бир топар майыплығы болған инсанлар қатнасты.

Илажды кеўилли өткериу мақсетинде жас эстрада қосыкшылары Р.Алланиязова, Д.Жаңабаев, Қ.Мамутов, Р.Жақсымуратовлар қатнасты.

Буннан тысқары қәўендер шөлкемлер ООО "Нукус Дилиша", ООО "Туран ойпаты" , ООО "Нукус брокер груп" , ЧП "Бахтияр Утениязов"лар өз улеслерини қостылар.

Және, Айрықша жағдайларға таяр турыўшы Миллий команда командири К.Дәўлетмуратов басқарған Нөкис қаласындағы 31-санлы мектеп оқыўшылары ҳәм Қарақалпақстан. Республикасы Қызыл Ярым Ай жәмийети шөлкеми волонтер жаслары Нөкис қаласы Қызыл Ярым Ай жәмийети баслығы А.Алламбергенов, НМПИ студентлери жақыннан жәрдем көрсетип өз үлеслерин қосты.

Дерек: Өзбекстан Республикасы майыплар ассоциациясы
Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими