Усы жылдың 10-июнь күни Өзбекстан Арнаўлы Олимпиадасы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими "Шабандозлар мектеби" менен биргеликте майыплығы болған балаларды руўхый саўалландырыў мақсетинде, атлар менен сейил қылыўды шөлкемлестирди.
Бул илажда балалар ҳәм олардың ата-аналары атлар фермасы ҳәм шабандозлар менен жақыннан танысты.
Илажды шөлкемлестириўде жақыннан жәрдем берген "Шабандозлар мектеби" директоры Ринат Жолдасовқа ҳәм жақыннан жәрдем берген бир топар кеўиллилерге өз миннетдаршығылығымызды билдиремиз.
Дерек: Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы
Қарақалпақстан республикасы аймақлық бөлими

Отправить комментарий
Отправить комментарий