Усы жылдың 22-23-июнь күнлери, Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими, ҳәм Майыплар Ассоциациясы жанындағы "Жигерли ҳәм шебер ҳаял-қызлар орайы" унитар кәрханасы, Ташкент қаласында болып өткен, "Мәмлекетлик сатып алынған затлары ҳәмме ушын" ураны астында қатнасыўшыслары майыплығы болған шахслардың жәмийетлик бирлеспеси болған, юридик шахслар тәрепинен ислеп шығарылған өнимлер көргизбе ярмаркасында қатнасты.

Ярмарка көлеминде Өзбекистан бойлап бир неше кәрханалар өзлериниң өнимлери менен қатнасты.

Ярмаркада "Жигерли ҳәм шебер ҳаял-қызлар орайы" унитар кәрханасы, қатнасыўшылар арасында ислеп шығарған өнимлери менен унамлы қатнасып, бир неше буйыртпалар алып шәртнамаларға қол қойыуға еристи.

Дерек: Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы
Қарақалпақстан республикасы аймақлық бөлими