Усы жылдың 11-ноябрь күни Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими өзиниң конференциясын өткерди.

Конференция күн тәртибинде Өзбекстан Майыплар Майыплар Ассоциациясы аймақлық бөлими жыллық есабаты, комиссия ағзаларын қайта көрип шығыў ҳәмде 2023-жыл ушын мөлшерленген “Жыллық режеси” көрип шығылды.

Конференция жумағында Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими ағзаларына "Ағзалық гүўалықнамасы" тапсырылды.

Дерек: Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы
Қарақалпақстан республикасы аймақлық бөлими