Усы жылдыӊ 24-Февраль күни И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик музейи ҳәмде Өзбекистан Майыплар Ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими менен биргеликте “Биз биргемиз” атамасындағы майыплығы болған шахслардыӊ қол өнерлери жәмленген көргизбеси болып өтти.

Мақсети Қарақалпақстан Республикасы Жокарғы Кеңесиниң Социаллық – мәдений раўажланыў, жаслар сиясаты ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитети тәрепинен 2023-жылда өткерилетуғын илажлар бойынша «Жол картасы»нда майыплығы болған шахслардың қол өнерлерин баҳалаў болып есапланады.

Көргизбеде майыплығы болған шахслар өзлериниӊ тиккен миллий кийимлерин, тоқымаларын, қурақ көрпешелери ҳәм басқада қол өнерлери менен қатнасты.

Көргизбениӊ болып өтиўинде Өзбекстан Республикасы майыплар ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими, Қарақалпақстан Республикасы майыплар жәмийети Нөкис қалалық бөлими, Өзбекстан Республикасы герең-сақаўлар жәмийети Қарақалпақстан Республикасы бөлими, “Өзбекистан арнаўлы олимпиадасы” жәмийет бирлеспеси Қарақалпақстан бөлимилери өз үлесин қосты.

Видео YouTube:

Дерек: Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы
Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими