Амангүл шап-шаққан, искер келиншек. Райондағы колледжде директор. Ѳмирдиң сан-мың тәшўишлери, шаңарақтағы машқалалар, басшы жумыстың ҳаял ушын қыйынлығы себепли ме болажақ ананың екинши ҳәмилеси ерте дүньяға келди.

– Еле алты айға да толмаған. Бары-жоғы 900 граммдай, қасықтан сәл ғаў қызды дүньяға келтирдиңиз – деди де нәрестесин шыпакер алып кетти.

– Баўырымда тоғыз ай сақлай алмадым. Ең болмаса енди оның жаманлығын кѳрсетпе – ҳәр күни тиленер еди ана.

– Ѳзи болса шала, оған үп-үлкен етип Гүлайым – деп ат қойыпсаң – деп күлисти бул адамлар.

– Кѳрерсиз еле мениң шалагүл қызым ҳәммени таң қалдыратуғын әжайып қыз болады – деп ана-бала үш күннен соң туўыў үйинен шығып кетеди.

Үйге келип пахтаға орап, кишкене ғана кѳзге дәри тамызғыш пенен сүт ишкизип баслады. Ата-анасы бар мийримин берип, усы қыздың «бетине үңилген». . Ырымы сол ма, кишкене кѳрпешеге жатқарып жайдың ишин жағалап оны ҳәр жерге кѳширип отырғаны. Бәри бир де дене ағзалары еле толық қәлиплесип болмаған, ҳәттеки тырнағы да кѳринбейтуғын шала қызды тәрбиялаў аңсат болмағанын ата-анасы бүгин сѳз бенен тәрийплеп бере алмайды.

Шала нәрестесин қараўдан жалықпаған ана және бир машқалаға дус келетуғынын сирә қыялына келтирмеген еди. Күйеўи тапқан аз ғана пулға қарап қалған соң шаңарақтағы күн-кѳрис тѳменлейди.

Қыз нәренжан, аўырыўлы. Ҳәттеки, ыссылығы кѳтерилгенде әпиўайы «парасетамол» дәрисин де жегизе алмаған күнлери болды. Күнлер ѳте береди екен. Бирақ, ол шаққан болып ѳсти. Әжапасы мектепке барғанда оның әлипбесин алып, басқа жаққа барып оқып отырады. Оған муғаллими не үйретсе Гүлайым да мына жақта отырып «қақшып алады». Мектепке бармастан бурын, бес жасында әлипбени толық билип алды. Ал, 1-класта 2-класстың китапларының ҳәммесин толық айтып беретуғын дәрежеде еди.

Гүлайым адам таңлағандай билимли, яды күшли, шаққан қыз болып жетилисти. Анасы аўқат асқанда әкеси алақанына салып, кишкене қызын кѳтерип жүреди. Сонда оның айтатуғын тақмағы еле есинде.

– Әтирапында ёлканың
Қосық айтып жаңлады
Бизлер айтқан қосықты
Ҳәмме келип тыңлады.

Саратанның от қайнаған ыссысында да усы қосық айтылатуғынына кишкене түсимпаз қыз бүгинги күнге шекем ядына түсип күледи.

Ѳзи аўырыўлы қыз сары аўырыў болады. Буннан үлкен қызы да усы аўырыў менен аўырады. Олар үш-тѳрт айда тәўир болды дегенде 2008-жылы Амангүлдиң тѳркининде жайы ѳртенеди. Әкеси күйип, қайтыс болады. Баласы күйиктиң аўыр түри менен емлеўханаға түседи. Буларға шыдам бере алмаған ана пақырдың жүреги шоршынады. Үйи жақын болғаны ушын Амангүлдиң кѳбирек ўақты сол жақта ѳтеди. Ѳртенген жайдың орнына Амангүлдиң күйеўи де кѳмегин берип, жай кѳтереди.

Бәрқулла ем алып жүрген Гүлайымның еми тоқтап қалады. Қызын бир ҳаялға ақша тѳлеп, бақтырады. Гүлайымға қараўшы ҳаял оны бәрқулла әткѳншекке салып қоя береди. Астындағы ызғары басына шекем шығып, муздай болып жатады. Соннан жулын ҳәм аяқларының нерви аязлап, аяғы тартылатуғын болады. Буны кѳрген анасы жумысын қойып қызына қарайды. Хорезм менен Мойнақ арасында қызын, қоляскасын, кийимлерин, азық-аўқатын арқалап он еки жыл қатнады. Қай жерде қандай күшли шыпакер бар деп еситсе қызын алып, жуўырады. Мойнақлы қыз Гүлайым Қуўанышбаева ата-анасының күтими, мийрими арқасында усы дәрежеге жетисип, 2022-жыл университеттиң журналистика қәнигелигиниң студенти болды. Коляскиде отырған, кѳрер кѳзге жотасы кишкене, елеспесиз кѳринген бул қыздың талантына қайыл қалмай илаж жоқ.

«Мен 3-4 жасқа шыққанымда әкем әжапам екеўмизге шана соғып берди. Бир күни қалың қар жаўды. Айнала аппақ кѳрпе жамылғандай, тәбият гѳззаллығы кѳз қуўандырып турған қыс пасылында әкем бизлерди шанаға отырғызып, қарда айландырды. Еки бетимиз суўықтан қып-қызыл алмадай болса да үйге қайтқымыз келмейди. Мен аяғымды шанадан шығарып, салыпылдатып отырып, етигим менен қарға сүўрет салып кеттим»

Гүлайымның күнделигинен пәршелер-булар. Және күнделигин оқып, сулыў сѳзлерине тоя алмайсаң. Сизлердиң және дыққатыңызды Гүлайымның жазғанларына қаратпақшыман. «Әкем Махамбеталий ақ кеўилли, адамлардан ғамхорлығын аямайтуғын, ҳадал инсан. Ол мийнеткеш, жуўапкершиликли, ҳәмме исти артына айланбайтуғындай етип, пухта ислейди. Мениң әкем ѳз шаңарақ ағзаларын жанынан артық кѳретуғын мийирман жан. Ол-үйимиздиң тиреги, шаңарақ-деп аталатуғын кишкентай ғана мәмлекеттиң үлкен Президенти. Мен анам ҳәм әкем менен мақтанаман. Олардың ѳмириниң узақ болыўын бәрқулла Жаратыўшы ийемизден сорап отырман. «Баҳалай билмегенге бақ қонбас, қуўана билмегенге қут қонбас»-дейди ғой. Сизлер мениң бахтым ҳәм алтын тахтымызсызлар! Мениң ғамхоршыларым аман болыңлар».

Гүлайымның бойындағы усы жасына шекем бирге жүрген аўыр дәртти, кеселликлерди кишкене жүрегине сыйдыра алған, кѳнген, бирақ, оларға мойымаған, атына ылайық мәртлигине қайыл қалмай илаж жоқ. Ол 2003-жылы Мойнақ районында туўылған. Мектепте қазақ тилинде оқыды. Анасы қазақ әдебияты муғаллими. Сондай-ақ, қарақалпақ әдебиятының белгили жазыўшы-шайырлары менен таныстырып барды.

Емлениўге барған жерлеринен де китаплар арқалап, қызына береди. Китапты кѳп оқығанлықтан ба кишкене қыздың пикирлеўи жүдә жоқары. Ѳзиндеги билимге исенеме яки бойына питкен минез бе қайсар, кеўлине алған сѳзин айтпастан қоймайды. Кемшиликти «гүлге» орап отырмай, тарс еттириў ҳәзирги жасларға тән қубылыс болса, бул да Гүлайымды шетлеп ѳтпеген.

– Соңғы ўақытлары кѳп жазып киятырған жазыўшы, шайыр Муратбай Нызановтың жазғанларын оғада унатаман. Жазғанларында ҳаялды ҳаялдай, еркекти еркектей түсинип, дәл образын бере алатуғын шеберлигине сүйсинемен. Оның менен ушарасыўды ѳзимде мақсет етип қойып едим, ушырастым, пикирлестим. Және бир ѳмиримдеги қызықлы қубылыс жѳнинде де айта кетейин. Жазған гүрриңлеримдеги қаҳарманлардың атындай адамлар менен ушырасыўым да тосыннан еместей. Муратбай, Арыўхан, Зернегүл, Жасмина деген гүрриң қаҳарманлардың атлары бар адамлар менен ушырасып атырман. Сизиң «Аға, апа неге урыса бересиз» деген мораль темасындағы мақалаңызды оқып, ѳзиңиз ҳаққында билгим келди. «Шүкиршиликте гәп кѳп» деген китабыңызды сатып алдым. Мине, бүгин ушырасып отырмыз – деди мени ушырасыўға шақырған Гүлайым. Анасы қазақтың саўқылдап турған, ой-ѳриси кең, ҳақ кеўил қызы екен. Амангүл Елкеева менен тез танысып кеттик. Кафед ушырсып, китаплар, жазыўшылар ҳаққындағы сәўбетимиз бираз ўақытлар даўам етти. Гүлайым маған саўға еткен ѳзи жазған «Мениң атым Гүлайым», «Жақсылық нур келтирер» китапларын оқып, жетискенлиги менен азы-кем кемшилигин қәлем менен түртип барған едим. Оларды айттым.

– Жазғанларың ѳзиңдикиме? – деўге ҳақым болмаса да бул сораў ериксиз аўзымнан шықты.

– Ҳәмме сол сораўды береди. Бирақ, бәри ѳзимниң жазғанларым – деди Гүлайым мәрдана сѳйлеп. Оның «Бир аўыз сѳз», «Ана-жер-ана», «Ҳажыға аталған пуллар», «Кѳмилген хат» ҳәм басқа да гүрриңлерин оқып ондағы мазмунды, жуўмақты кѳрип қәлеми тәўирақ ысылып қалғанына гүўа боласаң. Кип-кишкене қыздың соншелли дәрежеде пикирлеўине қуўанасаң.

Ата-анасының меҳрибанлығы бәлким, Гүлайымды усы дәрежеге жеткерген шығар. «Мениң аяқларым жуўырып турғанда ислер едим» – деместен түскинликти жеңе билген қыз ѳмир гүресинде ҳеш қашан жеңилмекши емес.

– Қандай кәсипти ийелеў ҳаққында ойлап кѳрдим. Анамдай жақсы муғаллим болыўымда мүмкин еди. Имканият дәрежем жетпеслигин билдим. Бирақ, интернет журналисти болыў қолымнан келеди – деди сәўбетимиз барысында Гүлайым ѳз келешеги ҳаққында.

Қырғызстан Республикасы Жазыўшылар Аўқамы ағзасы. «Пегас» журналында 3 мақала жәрияланады. Қазақстан Республикасындағы «Туран бирлиги» журналы да оның жазғанларын сорады. Сондай-ақ Түркий әлеми жазыўшылар аўқамының ағзасы. Сол жақта Қарақалпақстан атынан таңлаўға қатнасып атыр.

Оның қатарлары арасында ҳеш нәрсеге ерисе алмағанлар қанша. Гүлайымның талантына сүйсиндим. Жазыў столына отырым да усыларды қараладым. Саў бол, китапқумар қызым – Гүлайым.

А.ТУРЕКЕЕВА.

Дерек: «Қарақалпақстан жаслары» 23-март, 2023-жыл. №11-12 (8236)