Ғәрезсиз ўатанымызда инсан қәдир-қымбаты, ең алдын, майыплығы болған шахслар мәсәлелери ҳәр дайым дыққат-итибарда болып, олардың ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаў, тосықсыз шараят жаратыў, жәмийетке интеграциялаў барсында жедел шара-илажлар әмелге асырылмақта.

Майыплығы болған шахслар мәмлекеттиң сиясий, социаллық, экономикалық ҳәм де мәдений спортта, өмирде белсенди болыўы керек. Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялары университети Нөкис филиалы профессор-оқытыўшылар, тьюторлар ҳәм майыплығы болған студент-жаслар Қарақалпақстан Республикасындағы жеке жәрдемге мүтәж инсанлар ушын ҳәрекетленип атырған мәкеме ҳәм шөлкем басшылары MEHRTILSIMI.blogspot.com – Социаллық-ҳуқықый сайты ҳәмде «SA.KR.UZ» жеке сайтының шөлкемлестириўи менен майыплығы болған инсанлар ушын “Disability Rights” имканияты шекленгенлер ҳуқықы арнаўлы топламының социаллық Telegram тармағында канал басламасында “Инсан ҳуқықлары жоқары қәдирият” атамасында ҳуқықый-үгит нәсият ҳәм ҳуқықый мәдениятын асырыўға бағышланған илаж шөлкемлестирилди.

Илажды Жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша директордың биринши орынбасары т.и.д., доцент. Р.Өтениязов ашып берди ҳәм басқарып барды.

Илажға Өзбекстан Республикасы майыплар ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлим баслығы Ж.Нарбаев, Өзбекстан Республикасы герең-сақаўлар жәмийети Қарақалпақстан Республикасы бөлим баслығы М.Бекназарова, Өзбекстан Республикасы көзи әззилер жәмийети Қарақалпақстан Республикасы басқарма баслығы Қ.Шарапов, «Мадад» мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қалалық ҳуқықый мәсләҳәт бюросы бас қәнийгеси А.Алдамуратова ҳәм «Қарақалпақстан Республикасына мийнети синген юрист», Өзбекстан Төрешилик Судлары ассоциациясының Қарақалпақстан Республикасы филиалы баслығы Р.Айбергеновлар өз баянатлары менен қатнасты.

MEHRTILSIMI.blogspot.com – Социаллық-ҳуқықый сайты ҳәмде «SA.KR.UZ» жеке сайтының шөлкемлестириўи менен майыплығы болған инсанлар ушын “Disability Rights” имканияты шекленгенлер ҳуқықы арнаўлы топламының социаллық Telegram тармағында каналы ҳәзирги ўақытқа шекем әмелге асырылған жумысларын презентация арқалы усынылды.

Бундағы мақсет филиалымыздағы имканияты шекленген студентлердиң ҳуқықый саўатын арттырыў, ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў, басқа барлық пуқаралар менен тең ҳуқықлылығын, сондай-ақ, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўда өз жәрдемин бериўден ибарат.

– Бүгинги күнде имканияты шекленгенлер студент-жаслар арасында «Бес баслама паралимпиадасы» шеңберинде өткерилген спорттың стол тенниси түри бойынша Өзбекстан чемпионы, 1-орын жеңимпазы болдым, – дейди «Компютер инжиниринги» факультети 2-басқыш студенти Нурсултан Сарыбаев.

Ең тийкарғысы, биз имканияты шекленген жаслар қолларын қолларға берип өмирге болған үмит ҳәм исенимди бирлестирип, хеш кимнен кем емеслигин түсиндириў, жәмийетимиздиң керекли күшине бағдарлаўымыз зәрүр.

Саламат АВЕЗОВ,
Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы ТИТУ Нөкис филиалы
«Оқыў жәрдемши бөлими» кабинет меңгериўшиси.

Дерек: «Қарақалпақстан жаслары»
23-март, 2023-жыл. №11-12 (8236)