Имканияты шекленген, бирақ бир күнде 3-4 аяқ кийим таярлап ҳәр бирин 120-180 мың сумнан сатып дәрамат таўып атырған Нилуфар Хожаниязова ҳаққында.

Әмиўдәрья районының Чардара мәҳәллесинде жасаўшы Нилуфар Хожаниязова анасы қайтыс болғаннан соң аўыр жоғалтыў себепли инсульт кеселлигине дуўшар болды. Ол 2 жыл даўамында төсекте жатып қалды. Бирақ, өмирге болған муҳаббаты себепли аяққа турып тоқыў сырларын үйренди.

Ҳәзирги ўақытта ол II топар майыбы, ҳаса таяқта ҳәрекетленсе де күн даўамында 3-4 аяқ кийим таярлап ҳәр бирин 120-180 мың сумнан сатады.

«Негизинде 3-класс ўақтымнан баслап кийимлер, сумкалар тоқыйтуғын едим едим. Соларды тәжирийбемде көз адыма келтирип отырып әсте-ақырын аяқ кийим тоқыўға өттим. II топар майыбы болып қалғаннан соң ҳәм үйиме дәрамат болады, ҳәм бос отырмайман деп буны басладым.

Қудайға шүкир, дәраматым жақсы, налымайман, ҳәрекеттемен барқулла. 32 мүшеси саўларға моцивация, өрнек болсын деп оларға үйрениўди, үйретиўди усыныс етемен.

Соның ушын халқыма да, шаңарағыма да жақсы. Еле буны кеңейтиў нийетим бар, жоқ емес. "Қандай да бир үлкен фабриканың ийеси болыў мақсетим" – дейди Н.Хожаниязова.

Дерек: Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы
Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими