Өзбекстан Республикасы атынан ҳәм де  Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен бир қанша нызам, пәрманлар, қарарлар ислеп шығылмақта. Усындай жаңадан қабыл етилген  пәрманлар тийкарында мәмлекетимиздиң бәрше тараўларында өзгерислер жаңаланыўлар болмақта. Әлбетте, бундай жаңаланыўлар бизиң халқымыздың йигилиги ушын хызмет етиўде жаңа имканиятлар қолайлықлар жаратыў олардың мушкилин жеңиллестириў ушын хызмет қылады. ПҲАЖ тараўында эксттериториал принципиниң енгизилиўи пуқаралардың мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыўда  үлкен қолайлықлар жаратылғанын атап өтсек болады.

Экстерриториал  принцип – бул  пуқаралар турақлы яки ўақтынша  жасаў  орнынан  ҳәм де  юридик  шахслар почта мәнзилинен, жайласқан   жерине  қарамастан, өзлери қәлеген аймақтағы мәмлекетлик хызметлер  орайына мурәжат етиў имканияты болып есапланады.

Президентимиздиң «Аймақ турғынларына мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыўда жәнеде  қолайлықлар жаратыў бул тәризде бюрократиялық тосықларды қысқарттырыў бойынша ис-илажлары ҳаққында»ғы Пәрманының қабыл  етилиўи келешекте мәмлекетлик хызметлер  көрсетиўдиң  сапасын  жақсылаўға  хәм аңсатласыўына  хызмет қылады.  Экстерриториал  принцип пуқараларға бир  қанша қолайлық жаратып береди. 

Усы орында айтып  өтиў керек, буннан көзленген тийкарғы мақсет мәмлекет уйымлары, жергиликли  аткарыўшы ҳәкимият уйымлары ҳәм де басқада уйымларда  алдынғы  бюрократиялық тәртиплерди, артықша қағаз базлық жумысларын  шөлкемлестириў  ушын  әхмийети болмаған хүжжетлерди  талап  қылыў, артықша аўерегершиликке  шек қойыу болды.  ПҲАЖ уйымлары искерлигинде де экстерриториал прницитин  енгизилиўи, пуқаралардың турақлы яки ўақтынша жасаў жеринен хәм юридикалық  шахслардың почта  мәнзили жайласкан  жерине  қарамастан, қәлеген аймактағы ПҲАЖ уйымларына мүрәжаат етиў мумкиншилиги жаратылды. 

Бул ис-иләжлар ПҲАЖ уйымлары тарепинен көрсетилген хызметлердиң сыпаты жақтан жақсылаўға ҳәм аңсатластырыўға хызмет  қылады. Пуқаралардың турақлы ҳәм уақтынша жасаў жерине  қарамастан, пуқаралық ҳалаты актлерин  жазыў, некелениўши шахсларды медициналық көриктен өткериў ҳәм сырт елге шығыў биометрик паспортын расмийлестириу, экстерриториал принцип тийкарында әмелге  асырылады. Соның менен бир қатарда, нотариал хызметлерди әмелге асырыў процессинде, пуқаралық ҳалаты актлерин  жазыў  менен байланыслы барлық мағлыўматларды  ПҲАЖ уйымларына мүрәжаат етпестен ғәрезсиз түрде пуқаралардан  артықша мағлыўматлар талап етпестен, ПҲАЖ уйымының бирден-бир электрон  архиви мәлимлеме системасы арқалы алынады. 

Бул болса, ПҲАЖ уйымлары искерлигинде жаңа хуқықый  принциплер пуқаралар ҳәм юридикалық шахслардың конституциялық хуқықларын әмелге асырыўда олардың электрон хызметлеринен кең пайдаланыўын қоллап-қуўатлаўда да мекемелер ара интеграцияны күшейтиуде улкен әҳмийетли орын тутады.

Дилбар Урдабаева,
Нөкис қаласы ПҲАЖ бөлими 1-дәрежели инспекторы.