Кәсибимизге байланыслы ҳәр күни, ҳәр жерге барып, ҳәр қыйлы кәсип ийелери менен ушырасамыз. Бул сапары бизиң барған жеримиз басқашалаў еди.

Шымбай–Қараөзек асфальт жолының батыс тәрепинде «Мүриўбет» майыплығы болған шахслар ушын ерлер интернат үйи жайласқан. Халық тилинде «Индом» деп аталады. Еки қабаттан ибарат бул имарат 1974-жылы салынып, пайдаланыўға берилген. Мине соннан берли бул жерде руўхыятында кемшилиги бар, имканияты шекленген, жалғыз баслы, бағыўшысы жоқ, 1,2, топар майып адамлар 18 жастан баслап қабыл етиледи.

– 2015-жылдың июль айында Мәмлекетлик Қәўипсизлик Хызмети ҳәм Қарақалпақстан Жоқарғы Кеңесиниң тиккелей қәўендерлигинде интернат үйимизге толық реконструкция исленди, – дейди директор Бекполат Дәўлетмуратов. 2021-жыл, 17-сентябрь күнги Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарары талапларына сай, белгиленген наўқасларды қабыл етемиз. «Мүриўбет» үйи 275 орынға мөлшерленген болып, ҳәзирги ўақытта 264 майыплылығы бар адамлар тәрбияланбақта.

Реконструкция етилип, пүткиллей өзге түске енген 7,9 гектар майданды ийелеп атырған «Мүриўбет» үйи дәрўазасынан кире беристен баслап, дөгереклериниң барлығы көклемзарластырылған. Кеўил-кейпиятыңды көтерип, ҳәр түрли гүллер, ерик, алма, алмурт, қәрели дарақларының мийўелери сырғып турыпты.

– 4 гектар бағымыз бар, – дейди мени таныстырып жүрген директор, – усы бағымыздың мийўелери хызметкерлеримиз тәрепинен пискени-пискендей терип алынып, асханаға тапсырылады. Тәрбияланыўшыларға 5 мезгил аўқат бериледи. Интернатымыз кәмбағаллықты сапластырыў ҳәм социаллық, медициналық хызметлерди раўажландырыў бөлими тәрепинен қаржыландырылады.

– Егислик жериңизге суў жарап атырма? – деген сораўыма, директор:

– Қәўендерлеримиз тәрепинен жақында электр тоғы менен ислейтуғын жоқары ваттағы суў насосы менен тәмийинлендик. Батысымыздан «Кегейли» арнасы ағып өтип турыпты. Сол жаптың түбинде суў болса болды. Суўдан машқаламыз жоқ, – деп жуўап берди.

– «Мүриўбет» үйимиздиң тәрбияланыўшылары жүре алмайтуғын, өзлери ҳәрекети менен жүре алатуғын болып, еки топарға бөлинеди, – дейди емлеў ислери бойынша директордың орынбасары Алишер Турғанбаев.

Ҳәзирги ўақытта 6 бөлим, 1 туберкулез кеселликлери бөлими бар. 12 шыпакер, 36 орта буўындағы медицина хызметкерлери ҳәм 80 санитар хызмет алып барады. Шыпакерлеримиз шизофрения, деменция, ақылы зайыплықтың ҳәр қыйлы тайпалары, бас мийдиң органикалық кеселликлери анықланған жағдайларда емлеў усылларын қолланады. Тәрбияланыўшылар ушын медициналық бөлимлер ажыратылған. Мәселен, массаж, физотерапия, емлеў, дене шынығыўлары исленеди.

Директордың басшылығында жатақ жайларын, асхананы, сыртқы дем алыў майданшаларын ҳәм оларда таза ҳаўада дем алып атырған тәрбияланыўшылар топарларға бөлинип, санитарлардың бақлаўында өз-ара, өзлерине түсиникли тилде сәўбетлесип отырғанларын көрип, бул жерде тәртип-интизамның жуўапкерли дәрежеде екенлигин сездик.

Мийнет терапия бөлмесинде қолында өнери бар, талантлы ҳаял-қызлар өз алдына, ер адамлар өз алдына өз уқып-шеберлигин көрсетип, өзлери қәлеген ислери (хобби) менен машқул болмақта. Яғный, олар интернаттың өзинен шыққан шығынды (баклажка, пластмасса ыдыслары) лардан ҳәр қыйлы безеў буйымлары, гүллер, үй-руўзыгершилик буйымларын ислемекте. Олардың буншелли шеберлигине тәсийн қалмасқа илажың жоқ. Жүн, сабақлардан тоқылған балалар ойыншықларын, кийим-кеншеклерин, безеў буйымларына қарайсаң да турасаң. Мине, усы мийнетлери арқалы руўхыятында нуқсаны бар, ақылы зайып, тәрбияланыўшылар әўели өзлериниң ислеринен өзлери рәҳәтленсе, екиншиден өзлериниң жәмийетке керекли екенлигинен қуўанады.

– Район ҳәкимлиги тәрепинен бизлерге 2,5 гектар егислик жер бөлип берилди. Ол жерге бизлер Америка талын ектик. Соннан ҳәзир уқыбы бар тәрбияланыўшыларымыз ҳәр түрдеги себетлер жасамақта. Өнимлерди базарға шығарып сатпақтамыз, және бизиң шарўашылық хожалығымыз да бар. Онда баспақ, ешки, қоянларды асырамақтамыз. Буларға да қызығатуғын тәрбияланыўшыларымыз бар, – дейди директор.

Имканияты шекленгенлер ушын арбашалар ажыратылған. Өзлери аўқат жей алмайтуғынларға интернат хызметкерлери жәрдем береди.

Интернатта Өзбекстандағы барлық ўәлаятлардан келип тәрбияланып атырған ҳәр қыйлы миллет ўәкиллеринен жәмленген кеўли ярым тәрбияланыўшылардың исенимли қолларда екенлигин көрип, кеўлимиз толды.

Елимизде сақаўатлы инсанлар көплеп табылады. Олар тәрепинен тез-тезден жәрдемлер келип турады. Буннан басқа да интернатқа жеке фермер Базарбай Сапаров тәрепинен қарақалпақтың қара үйи саўға етилген. Ишине кирсең жаңағы шебер тәрбияланыўшылар тәрепинен исленген сулыў, шырайлы экзотика буйымлары безеп турыпты. Ал, «Мүриўбет» үйи имараты алдына «Қостырна» атлы әжайып фонтан исленген. Оны Шымбай «Пинток» диагностика орайы директоры Рустем Дәўлетмуратов қурдырып берген. Оларға интернат тәрбияланыўшылары, хызметкерлери ҳәм бизиң де миннетдаршылығымыз шексиз.

«Мүриўбет» үйинде өз исиниң маманлары, жуўапкерли ҳәм ийгиликли кәсибине үлкен итибар менен қарайтуғын мүриўбетли хызметкерлер көплеп табылады. Олардан шыпакер Абдижамил Сәлменов, бас мийирбийке Роза Жолдасбаева, санитарлардан Сәбит Барақов, Батыр Сапаев, мийирбийке Жәмийла Қазақбаева, медстатист Қәдирбай Жуманиязовларды айтсақ болады.

Инсан мәпи бәрқулла жоқары дәрежеде қәдирленген елимизде бундай инсанлардың жақсы өмир кеширип атырғанының гуўасы болдық.

Әлбетте, бунда Шымбай «Мүриўбет» майыплығы болған шахслар ушын ерлер интернат үйи директоры Бекполат Дәўлетмуратовтың айрықша хызметлери көп. Биз өз гезегимизде оған да алдағы жумысларында тасқын табыслар тилеймиз.

Шүкирбай Сийпатдинов,
Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист.

Шымбай районы.
Сүўретлерде: «Мүриўбет» үйи турмысынан көринислер,
Автордың түсирген сүўретлери.

Дерек: Qaraqalpaqstan Jasları gazetası