Бүгин, 7-август күни Қанлыкөл районы ҳәкими Бахрам Султанов ҳәм де район прокуроры Мырзамурат Тилеўмуратов «НЕ ЖАҢАЛЫҚ» каналы администраторы жағдайынан хабар алыў ушын Ислам Тлеповтың шаңарағына келди.

Ушырасыў даўамында район ҳәкими «НЕ ЖАҢАЛЫҚ» каналының искерлигин жоқары баҳалап, елимиздиң раўажланыўы жолында ғалаба хабар қураллары менен биргеликте журналист ҳәм блогерлердиң пикири де үлкен әҳмийетке ийе екенлигин мәлим етти.

Сондай-ақ, район ҳәкими бул тараўдың еле де раўажланыўы жолында блогер ҳәм журналистлерге ҳәмийше жәрдемге таяр екенлигин айтып, ушырасыў соңында Ислам Тлеповқа ноутбук саўға етти.

Дерек: «НЕ ЖАҢАЛЫҚ» каналы