Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасын цифрлы трансформация қылыў дәстүри бойынша мәмлекетлик басқарыў үйымларында “E-qaror” электрон системасы, денсаўлықты сақлаў тараўында “Электрон поликлиника”, билимлендириў тараўында “Электрон күнделик”, қурылыс тараўында “Шаффоф қурилиш”, мектепке шекем билимлендириўде “Балалар бақшасы” ҳәмде аўыл хожалығы ҳәм коммунал тараўларында жаңа жойбарларды әмелге асырыў арқалы ҳәр бир тараўға жаңадан мәлимлеме системалары иске түсирилди.

Усы системалардыӊ еӊгизилиўи нәтийжесинде, оқытыўшылар, оқыўшылар ҳәм ата-аналар билимлендириў тараўында қағаздан санлы көриниске өтиўине ерисилди.

Мектепке шекемги тәлим мәкемелериниң барлығында балалар қатнасы ҳәм хызметкерлерге айлық мийнет ис ҳақы ҳәм оған теңлестирилген төлеўлерди автоматластырылған тәризде есаплаў мүмкиншилиги жаратылды.

Соның менен бирге, қала ҳәм районларда барлық кәрхана ҳәм мәкемелердиң 13 390 қәнийгелерин заманагөй мәлимлеме коммуникация ҳәм цифрластырыў технологияларын қоллаў бойынша қысқа мүддетли оқыў курслары шөлкемлестирилди.

Еӊ қуўанышлысы, мәкеме ҳәм уйымлардыӊ автоматластырылыўы нәтийжесинде мәмлекет тәрепинен халыққа көрсетилетуғын хызметлердиӊ 498 түри https://my.gov.uz/ бирден-бир мәмлекетлик интерактив хызметлер порталы арқалы электрон көриниске өтип ҳеш жерде нәўбетте турмастан, еӊ әҳмийетлиси коррупцияға жол қоймастан үйде отырып мобил телефон яки компьютер арқалы алыў имканияты жаратылды. (Мысал ушын пуқаралық, билимлендириў, шаӊарақ ҳәм балалар, жаслар, мәденият ҳәм спорт, жеке мағлыўматнамалар, көшпес мүлк, транспорт, лицензиялаў, салықлар, бажыхана, денсаўлықты сақлаў тараўларындағы хызметлер)

“5 әҳмийетли баслама” шеңберинде (Нөкис қаласы, Әмиўдәрия, Беруний, Қанлықөл, Қараөзек, Кегейли, Бозатаў, Қоңырат, Мойнақ, Тақыятас, Тахтакөпир, Төрткүл, Хожели, Шымбай, Шоманай ҳәм Елликқала районлары) санлы технологиялар оқыў орайлары шөлкемлестирилген болып 13 мыңнан артық пуқаралар мәлимлеме технологиялары бойынша оқытылды.

Соныӊ менен бир қатарда ҳәзир бул хызметлерден пайдаланыў бойынша социал тармақларда (youtube, mytube) видео роликлер жайластырылған.

Интернеттен пайдаланыў мәселесине келсек, халыққа қолай ҳәм сыпатлы байланысты тәмийинлеў мақсетинде магистрал телекоммуникация тармақларының өткизиўшеңлик дәрежеси Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлар арасында 600 Гбит/с, районлар арасында 60 Гбит/с, қа жеткизилди.

Сондай-ақ, тек ғана сымлы интернетке емес, мобил байланыс ҳәм мобил интернет тараўын еле де жақсылаў мақсетинде 80 жаңа база станциялары орнатылып, 213 әмелдеги база станциялары 3G ҳәм 4G стандартларына модернизация қылынды. Нәтийжеде елатлы пүнктлердиӊ мобил байланыс пенен қамтыў дәрежеси 99,6 пайызға, кең полосалы мобил интернет пенен қамтыўы 95,3 пайызға жеткерилди.

Ҳәттеки, Нөкис қаласынан 300 км. шақырым алыста болған Қубла-Үстирт аўылындағы хожалықлар мобил, сымлы байланыс ҳәм интернет пенен қамтып алынды.

Республикамыз елатлы пунктлери цифрлы телевидение сигналлары менен 100 процент камтып алынды.

Белгиленген ўазыйпалар шеңберинде почта посылкаларды hybrid.pochta.uz веб-сайты арқалы қабыллаў ҳәм жеткизиўди онлайн гүзетип барыў хызмети жолға қойылды. Бүгинги күнде, усы хызметтен 409 мәмлекет шөлкемлери ҳәм басқа кәрхана ҳәм шөлкемлер шәртнамалар тийкарында пайдаланып атыр.

Жергиликли исбилерменлер тәрепинен ислеп шығарылған өнимлерин республика көлеминде интернет арқалы саўдаға шығарыў, реклама қылыў ҳәм өнимлерин қарыйдарларға жеткизиў мүмкиншилигин беретуғын “Миллий онлайн саўда майданша” системасы жолға қөйылып, unisavdo.uz сайты иске түсирилди. Бүгинги күнде усы система арқалы 11 исбилерменлердиң 1 078 түрли өнимлери сайтқа жайластырылды.

Халыққа мәмлекет хызметлеринен пайдаланыўда қолайлықлар жаратыў мақсетинде Республиканың алыс аймақларында жайласқан Почта байланыс бөлимлеринде 63 түрдеги мәмлекет ҳәм 2 түрдеги банк хызметлеринен пайдаланыў мүмкиншилиги жаратылып, басқышпа-басқыш хызмет түрлериниң санын кеңейтиў илажлары көрилмекте.

Ҳәзирги күнде де бул нәтийжелерди жақсылаў мақсетинде жумыслар әмелге асырылып барылмақта.

Санлы технологиялар министрлиги тәрепинен тек ғана интернет пенен қамтып алмастан, IT тараўындада бир қанша жумыслар әмелге асырылып атыр. Атап айтқанда Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен тийисли қарарға тийкарланып “IT-Park Президент” кәрханаларға бир қанша жеӊилликлер берилди.

Бунда: Социаллық салықтан азат етилиўи, физикалық шахслардан алынатүғын дәрамат салығының 7,5% ставкада белгилениўи, соның менен бирге Өзбекстанда ислеп шығылмайтуғын программалық тәмийинлеў қуралларын алып кириўдеги бажыхана төлемлери өндирилмеўи себепли бундай компаниялар санының көбейиўине алып келди.

Нәтийжеде олардыӊ улыўма саны 31 ге жеткерилип 2021-жылға салыстырғанда 12,5 есе асырыўына ерисилди.

Мәлимлеме технологиялары күннен күнге раўажаланып, “фрилансерлер”ге болған талап артып бармақта. Усы тараўда жоқары дәраматқа ийе болыў менен бирге, көплеген жаслар өзин-өзи жумыс пенен тәмийинлеп келмекте. Ҳәзирде АКТ тараўында өзин-өзи бәнт қылған жаслар саны 2 432 ге асырылды.

Көплеген жеңилликлерди өзинде жәмлеген “Бир миллион дәстүрши” жойбары шеңберинде Қарақалпақстан Республикасында 131 093 жаслар дизимнен өткен, соннан 65 485 (49,95%) питириўши сертификаты қолға киритилген.

Қарақалпақстан Республикасындағы Санлы технологиялар оқыў орайларында “Темир дәптер”, “Ҳаяллар дәптери” ҳәм “Жаслар дәптери”ине киргизилген 1 768 халық ҳәм жасларға “Компьютер саўатханлығы”, “график дизайн” ҳәм мобил программаластырыў тийкарлары курслары бойынша бийпул оқытылды.

Сондай-ақ, USAID менен биргеликте “IT Women Karakalpakstan” жойбары әмелге асырылды. Жойбардан гөзленген мақсет ҳаял-қызлардың IT тараўында заманагөй билим ҳәм көнликпелер бериў ҳәм бул арқалы өз бәнтлигин тәмийинлеўге жәрдемлесиўден ибарат. Жойбарға 500 ден аслам ҳаял-қызлар дизимнен өткен болып, саралаў басқыш сынаўы ҳәм сәўбет тийкарында болып өтти. Сынаўдан 60 ҳаял-қызлар саралап алынып, оқыў курсларын табыслы тамамлады.

Және бир әҳмийетли “Skil4girls” жойбары UNIСEF пенен биргеликте шөлкемлестирилген болып, бул жойбар қызларды ҳәм ҳәр түрли майыплығы болған ҳаял-қызларды IT тараўына қызықтырыў ҳәм қамтып алыўда нәтийжели механизм болды.

Республикадағы улыўма билим бериў мектеплеринде санлы технологиялар бағдарында исленген 1 081 дөгереклерде 26,4 мың оқыўшы жаслар қамтып алынды.

Соның менен бирге, жаслардың бос ўақытын мазмунлы өткериў мақсетинде, Муҳаммад ал-Хорезмий атындағы ТАТУ Нөкис филиалы ҳәм Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекет университетинде «Инкубация» орайы дүзилди. Ҳәзирде Әжинияз атындағы Нөкис Мәмлекет педагогикалық институты имаратында «Инкубация» орайын шөлкемлестириў ушын бөлмелер ажыратылып, оңлаў жумыслары әмелге асырылды.

Алдымызға қойылған ўазыйпаларды белгиленген мүддетлерде әмелге асырыў, тараўды еледе раўажландыў нәтийжесинде, халықтың абаданлығының артыўы, жумысларының жеңиллениўи ушын хызмет етеди.

Тимур Баекеев,
Санлы технологиялар министрлиги Қарақалпақстан
Республикасы аймақлық сектор баслығы.

Дерек: Qaraqalpaqstan Jasları gazetası