Нөкис қаласы ҳәм Кегейли районында мәҳәлле “беслик”лери ушын семинар шөлкемлестирилди.

Нөкис қаласы ҳәм Кегейли районында “Инсан” социаллық хызметлер орайы ҳәм Бюджеттен тысқары Пенсия қоры район (қала)лық бөлимлери менен биргеликте мәҳәллелерде искерлик көрсетип атырған “беслик”лер ушын семинар шөлкемлестирилди.

Семинарда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 10 -ноябр күнги “Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри” мәлимлеме системасы арқалы кем тәмийинленген шаңарақларды анықлаў ҳәм аларға социаллық напақалар тайынлаў бойынша електрон тәризде арза бериўди енгизиў ийис-илажлары ҳаққында” 596 –санлы Қарарының мазмун әҳмиети ҳәм мақсети түсиндирилди.

Сандай-ақ қәнигелер тәрепинен Қарарға киритилген өзгерис ҳәм қосымшалар, арза, акт үлгилери ҳәм киритилген өзгерислерди пуқараларға ҳуқықый тәрептен дурыс ҳәм түсиникли етип жеткериўдиң механизмлери айтып өтилди.

Дерек: Социаллық қорғаў миллий агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы