Нөкис қаласы Әдиллик бөлими тәрепинен “Майыплығы болған шахслардың ҳуқықларын қорғаў” ҳуқықый акциясы өткерилди.
Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен усы жылдың 20-октябрь күнинен 20-ноябрь күнине шекем “Майыплығы болған пуқаралардың ҳуқықларын қорғаў” бойынша ҳуқықый акция жәрияланды.
Ҳуқықый акция шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳәм Нөкис қаласы Әдиллик бөлими ҳәм тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы көзи әззилер китапханасында майыплығы болған шахслар қатнасында илаж шөлкемлестирилди.
Нөкис қаласы Әдиллик бөлими баслығы О.Джуманиязов ҳәм “Мадад” мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми ҳуқықый мәсләҳәт бюросы бас қәнийгеси А.Алдамуратова тәрепиен майыплығы болған пуқаралардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеў оларға жаратылған имканиятлар ҳаққында, соның менен бирге жаңаланған Конституция ҳәм ондағы инсан мәпин гөзлеп киргизилген өзгерислер, сол тийкарда мәмлекетимизде алып барылып атырған кең көлемли реформалардың мазмун-мәниси кеңнен түсиндирип өтилди.
Буннан соң, пуқаралардың мүрәжатлары бойынша жеке қабыллаў шөлкемлестирилип, майыплығы болған шахслар ортасында спорт жарысларыда өткерилди.
Илаж соңында, белсенди қатнасыўшылар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
Видео: YouTube
Дерек: Әдиллик жаңалықлар
Отправить комментарий
Отправить комментарий